Ҳәзирги ўақытта климаттың дүнья көлеминде бақланып атырған өзгерислери, дәрьялардағы суў муғдарының кем-кемнен азайыўы, әсиресе, егислик майданларын суўғарыў арқалы өним жетистиретуғын еллер ушын қыйыншылық туўдырмақта. Бул нәрсе Орайлық Азия мәмлекетлеринде көбирек сезилмекте.

Жасырарлығы жоқ, өткен жылы бир қатар дийқан-фермер хожалықлары суў жетиспеўшилигинен қыйналып, егислик майданларын белгиленген муғдарда суўғара алмай қалғанлығы себебинен өнимдарлық кеўилдегидей болмай қалды.

Суў хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, республикамыздағы суў хожалықлары тәрепинен 2022-жыл даўамында 5 миллиард 39 миллион метр куб суў алынған.

Соннан, вегетация дәўири даўамында суўғарыў жумысларына суў дәреклеринен 4 миллиард 32 миллион метр куб суў алынып, белгиленген тәртипте районларға жеткерип берилген. Алынған суў муғдарлары менен пахта майданлары орташа 2,2 мәрте (193,7 мың гектар), ғәлле майданлары 1,7 мәрте (90,1 мың гектар), қыйтақ жер ҳәм басқа да егислик майданлар орташа 5 мәрте (659 мың гектар) суўғарылған.

Ҳәзирги ўақытта барлық дийқан хожалықларында бәҳәр келиўи менен егиске таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта.

Енди, быйылғы жылы суўдың жағдайы қандай болады? Ҳәзирги күнде әҳмийетли есапланған суўды үнемлеўши технологиялардан, энергия үнемлеўши қурылмалардан,  суўдан ақылға уғрас пайдаланыў қалай шөлкемлестирилмекте?

Биз Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Әдилбек Реймбаев пенен сәўбетлесип, усы мәселелер бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

  • Суў мәселелерине байланыслы Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири сыпатында қаралып, бир қатар ўазыйпалар белгиленбекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-декабрьдеги Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжатында да суўға байланыслы мәселелер атап өтилип, усы тараўға бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Онда көрсетилген ўазыйпалар, тийисли қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы бойынша қандай илажлар шөлкемлестирилмекте?

– Шынында да, Мүрәжатта Президентимиз 2023-жылдағы әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтип, оның төртинши бағдарында экология, әсиресе, суў мәселелери глобал машқалаға айланып баратырғанын, биз тек ғана бүгинги күнди емес, ал келешек әўладларды да ойлаўымыз шәрт екенлигин атап өткен еди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз кейинги 3 жылда қурғақшылықты басынан өткерди, деп атап өтип, оның тәсири, әсиресе, Әмиўдәрьяның төменги бассейниндеги аймақларында анық сезилгенине тоқтап өтти.

2020-жылдың 5-декабринде Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы тийкарда көплеген ирригация ҳәм мелиорация объектлерин реконструкциялаў жумысларының әмелге асырылғанлығы пикиримиздиң айқын дәлили бола алады.

Мүрәжатта ҳәзирги ўақытта егислик майданларға суў жеткерип бериўде сезилерли шығынлар бар екенлиги, суўдың есабын ашық-айдын жүргизиў системасының енгизилиўи, ири насос станциясы мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарында модернизацияланыўы ҳәм альтернатив энергияға өткерилиўи бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Республикамызда былтыр бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан ҳәм Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармалары тәрепинен 2022-жыл даўамында 15 (115,0%) насос агрегатлары ҳәм 38 (100%) электродвигательлер сатып алынып, орнатылды.

2022-жыл даўамында 110,421 миллион кВт.саат. электр энергиясынан пайдаланылды ҳәм режеге салыстырғанда 3,579 миллион кВт.саат. электр энергиясы үнемленди. Қарақалпақстан ҳәм Беруний насос станцияларына быйылғы жыл ушын жәми 111,9 миллион КвТ.саат. электр энергиясы ушын лимит ажыратылған.

Ал, быйылғы жылы Қарақалпақстан ҳәм Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармалары тәрепинен 11 насос агрегатларын ҳәм 28 электродвигательлерди жаңасына алмастырыў режелестирилген. Сондай-ақ, энергия үнемлеўши қурылмаларды енгизиў бойынша ислеп шығылған режелерге муўапық, 3 конденсатор, 5 частотаны өзгертиўши, 4 қуяш батареясы, 5 қуяш ысытыў қурылмасы, 253 жақтылық диод лампасы ҳәм 810 метрлик кабелди алмастырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылды.

Ири суў қурылмаларын автоматластырылған басқарыў системасына өткериў бойынша республикамызда өткен жыл даўамында 294 «ақыллы суў», 270 «дайвер» ҳәм насос станцияларында 208 «ақыллы есаплағыш» суў муғдарын онлайн режиминде мониторинг ететуғын қурылма орнатылды.

Сондай-ақ, «Кегейли» магистрал каналының бас қурылмаларының басқарылыўы автоматластырылды.

Быйыл Төрткүл районындағы оң жағалық каналының 310 пикетинде жайласқан «Мискин» гидроузели ҳәм Бостан каналының 278 пикетинде жайласқан гидротехникалық қурылмаға автоматластырылған басқарыў системасын енгизиў, сондай-ақ, министрликке қараслы насос станцияларына 224 суў муғдарын онлайн режиминде мониторинг етиў қурылмасын енгизиў режелестирилмекте.

– Ири қурылыс, жаңа технологияларды енгизиў үлкен қаржы жумсаўды талап етеди.  Аймағымызда суў тәмийнатын жақсылаў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша қандай жумыслар әмелге асырылды?

– Қарақалпақстан ҳәм Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасына қараслы насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шәриклик шәртлери тийкарында жеке сектордың басқарыўына бериў бойынша баҳасы 93,4 миллиард сумлық жәми 27 жойбар келисимине қол қойылған. Келисим шәртлерине муўапық жеке меншик шериклер тәрепинен 2021-жылы 17 жойбар шеңберинде 3,4 миллиард, 2022-жылы 25 жойбар шеңберинде 6,2 миллиард сумлық инвестиция жойбарлары киргизилиўи режелестирилген еди.

Бүгинги күнде 5 жойбар шеңберинде 525 миллион сумлық инвестиция киргизилди. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

– Ал, сырт ел инвестициясын тартыў жумыслары қай дәрежеде?

– Тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша Жәҳән банкиниң қатнасыўындағы «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары шеңберинде өткен жылы 17,20 миллион долларлық (268,75%) сырт ел кредитлери өзлестирилди.

Тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў нәтийжесинде 595 километрлик узынлықтағы каналларды реконструкциялаў, 29,5 километрлик узынлықтағы жаңа каналларды қазыў жумыслары әмелге асырылып, олардағы 932 дана гидротехникалық қурылмалар реконструкцияланған. 29,5 километрлик канал, жап-салмалар тереңлестирилип, 15370 гектар суўғарылатуғын жер лазер жәрдеминде тегисленген.

2023-жылы жойбар шеңберинде реже бойынша 20,1 миллион долларлық қаржының өзлестирилиўи режелестирилип, өткен еки ай даўамында 1,32 миллион долларлық сырт ел кредитлери өзлестирилди.

  • Жап-салма, каналарды қазыў, тазалаў, егис алдынан шор жуўыў бағдарындағы илажлар, эксплуатация қаржылары есабынан қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– 2022-2023-жыллардың гүзги-қысқы мәўсими даўамында режелестирилген илажлар шеңберинде ҳәзирги күнге шекем 295,6 километр узынлықтағы хожалықлар аралық каналлар тазаланды. Сондай-ақ, 191 гидротехникалық қурылмалар ҳәм 154 гидропостта оңлаў жумыслары исленди. Ҳәзирги ўақытта хожалықлар аралық каналларды тазалаў жумысларына 16 эксковатор, ишки хожалықлардағы суўғарыў тармақларын тазалаўға 25 эксковатор ҳәм 280 нен аслам жумысшы қатнаспақта. Бул жумыслар даўам етпекте.

2023-жылғы шор жуўыў дәўиринде әмелге асырылатуғын жумысларға тоқтап өтетуғын болсақ, бул ушын республикамыз бойынша жәми суў дәреклеринен 1 миллиард 500 миллион метр куб суў алыў лимити ажыратылған. Бүгинги күнде Түйемойын суў сақлағышында 4 миллиард 262 миллион метр куб суў бар. Суў сақлағышына 650 м3/с. суў келип, 1375 м3/с. суў шығарылмақта. Соннан дәрьяға 1000 м3/с. жиберилип, Тақыятас гидроузели алдына 551 м3/с. суў муғдары жетип келмекте ҳәм ҳәзирги ўақытқа шекем жәми дәреклерден 525,3 миллион м3 суў алынды.

27-февраль жағдайына 75 мың 540 гектар майдан шор жуўыўға таяр ҳалға келтирилди ҳәм 42 мың 967 гектар майданда шор жуўыў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, 2023-жылдың өними ушын жәми районлар бойынша 63730 гектар майданға ғәлле егилген болып, бүгинги күнге шекем жәми 19336 гектар майдан, соннан 17484 гектары бир мәрте, 1860 гектары еки мәрте суўғарылды.

– Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумыслары қалай шөлкемлестирилмекте?

– 2022-жылда жәми 5313 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар, соннан 3304 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1909 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў технологиясы ҳәм 100 гектар майданда дискретли суўғарыў системасы енгизилди. Жәми 35737 гектарлық аўыл хожалығында пайдаланылатуғын егислик жерлер лазерли үскене жәрдеминде тегисленди.

2023-жылдың өними ушын жәми 20224 гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар, соннан 17649 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1575 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў ҳәм 1000 гектар майданда дискретли суўғарыў системасын енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлери белгиленген.

Бүгинги күнде белгиленген усы прогноз көрсеткишлер шеңберинде районлардағы мәнзилли дизимлерди қәлиплестириў жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, 2023-жылдың өними ушын егилген ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша қурыўшы кәрханалар менен интакерлер арасында жумысты бөлип алып ислеў шәртнамалары толық рәсмийлестирилди ҳәм 411 гектар майданда қаржыландырыў жумыслары әмелге асырылды. Соннан 227 гектар майданда қурылыс жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, 820 гектарлық пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары баслап жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта үлкен итибар мине усы жумысларға қаратылмақта. Себеби, суўды үнемлеў, суў жетиспеўшилигин алдын алыў – баслы мәселе.

 

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги