Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Нотариал палатасы тәрепинен усы жыл 10-февральдан 10-мартқа шекем «Мийрас ҳуқықы» акциясы өткерилмекте.
Акция шеңберинде барлық аймақларда, соның ишинде, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәҳәллелерде жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар, аймақлық әдиллик бөлимлериниң хызметкерлери халық арасында түсиник жумысларын алып барып, олар тәрепинен ўәсиятларды тастыйықлаў ҳәм басқа да нотариал ҳәрекетлер көшпели түрде әмелге асырылмақта.
Усы акция шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде «Мийрасхорлық әдиллик қорғаўында» атамасында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадиров, Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы З.Яхыпов ҳәм басқалар сөзге шығып, пуқаралардың мийрасты рәсмийлестириўи ҳәм ашыўы менен байланыслы мүрәжатлары тийкарында бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша әмелий илажлар әмелге асырылып, акция шеңберинде мүрәжатшыларға мийрасқа болған ҳуқық ҳаққында гүўалық, ўәсият рәсмийлестирген пуқаралар ушын жеңилликли төлемлер енгизилгенин атап өтти.
Илажда тараў қәнигелери ғалаба хабар қуралларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, мәденият тараўының ўәкиллерине мийрасты рәсмийлестириў, ашыў, оны рәсмийлестириўдиң абзаллықлары, авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар объектлериниң контрафакт нусқаларына қарсы гүресиў ҳәм басқа да мәселелер бойынша түсиниклер берилип, пикир-усыныслар тыңланды. «Контрафактсыз ай» айлығы шеңберинде контрафакт өнимлериниң унамсыз тәсирлери ҳаққында сөз етилди.
– Әмелиятта мийрас қалдырыўшы мүлк сатып алған, бирақ оны рәсмийлестириў процеси оның өлими себепли әмелге асырылмаған ямаса жуўмақланбаған жағдайлар көп ушырасады, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси З.Базарбаева. – Сол себепли, илажда мийрасқор болыўы мүмкин болған юридикалық шахс түсиниги, мийрасқа ылайықсыз деп табылыў сыяқлы түсиниклер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги