Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақкында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Кегейли районында да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Буның айқын көринисин Гүжим терек мәкан пуқаралар жыйыны турмысынан да көрсек болады. Атап айтқанда, Президент қарары тийкарында аймақта 1,1 км ишки жолларды оңлаў ҳәм 2,35 км аралықта таза ишимлик суў тармақларын қайта оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген болып, бул жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
-Бүгинги күнге келип жыйын аймағындағы 1,1 км ишки жолларды оңлаў жумыслары жуўмақланып, 2,35 км аралықта таза ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў жумыслары алып барылмақта,-дейди жыйын баслығы Бахтияр Жумамуратов.-Сондай-ақ, «Гүлбағ» көшесине жақтыландырыў үскенелери орнатылды. Президентимиздиң қарары тийкарында исленип атырған бундай қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларынан халқымыз миннетдар.
Ҳақыйқатында, өткен жыллар ишинде 4200 ден аслам халық жасайтуғын бул аймақта көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтатуғын болсақ, 2019-жылы «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 7,2 км аралықтағы ишки жолларға қум шағыл-тас араласпасы төселип, 6,4 км ишимлик суў тармақлары жаңадан тартылды. Сондай-ақ, 2,4 км аралықтағы тротуарлар исленди. Буннан тысқары 7 көшеге жақтыландырыў үскенелери орнатылды. Жергиликли бюджет есабынан болса, «Бесқала» көшеси асфальтланды. Өткен жылы жыйынға қәўендер сыпантында бириктирилген Әндижан ўәлаяты Улығнар районы ҳәкимлиги тәрепинен «Уллы мәкан» ҳәм «Гүлбағ» көшелерине жақтыландырыў үскенлери орнатылып, 130 үйдиң сыртқы фасады қайта исленди.
Әлбетте, аймақта исленип атырған бундай жумыслар аймақ халқы турмысының еле де абаданласып, олардың ертеңги күнге беккем исеним менен қәдем таслаўына тийкар болмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы