ACWA Power компаниясы Өзбекстанда «жасыл» водород ислеп шығарыўға қәнигелескен завод қурады. Бул ҳаққында 3-март күни Ташкентте Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм ACWA Power компаниясы басқарма баслығы Муҳаммед Абунаян ушырасыўында сөз болды.

ИССМ баспасөз хызметиниң хабарына бола, сәўбетте компанияның мәмлекетимиздеги жойбарлар портфелин әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды.

Атап айтқанда, Сырдәрья, Бухара ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында улыўма қуўатлылығы 2,6 ГВт болған самал электр станцияларын қурыў бойынша жойбарларды режеден алдын иске қосыў ушын керекли илажларды көриўге келисилди.

Тәреплер Самарқанд ўәлаятында 500 МВт қуўатлылыққа ийе қуяш электр станциясы ҳәм Ташкент ўәлаятында 200 МВтлы қуяш электр станциясын қурыў жойбарлары бойынша тийисли жойбар алды процесслер жуўмағына жеткени ҳәм жаңа шәртнамалар дүзилгенин алғыслады.

ACWA Power компаниясының мәмлекетимиздиң энергетика тараўын раўажландырыўға қосып атырған үлеси артып бармақта. Ҳәзирги ўақытта Саудия ширкетиниң Өзбекстандағы инвестициялық портфелиниң улыўма қуўатлылығы 4,4 миллиард доллардан артық ҳәм қуўатлылығы 4,1 ГВтдан көп болған 5 жойбардан ибарат.

Алдын хабар бергенимиздей, Президент Шавкат Мирзиёев 2022-жыл 24-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Беруний районына сапары шеңберинде ACWA Power компаниясы менен биргеликте қурылып атырған самал электр станциясы комплексине тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнасқан. Бул жойбар иске қосылғаннан соң, 110 мың хожалықты қосымша электр энергиясы менен тәмийинлеў мүмкин болады, жылына 106 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Президент Ш.Мирзиёев 2022-жыл 16-ноябрь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши мәжилиси шеңберинде ACWA Power басқарма баслығы Муҳаммед Абунайянды қабыллаған.

2022-жыл 23-декабрь күни Ташкентте Саудия компаниясы менен Қарақалпақстанда улыўмалық қуўатлылығы 1500 МВт болған самал электр станциясын қурыў бойынша және бир шәртнамаға қол қойылған. Бул ири қуўатлықтағы станция 2026-жылы иске қосылыўы жылына 5,2 млрд кВт-саат электр энергиясының ислеп шығарылыўы ҳәм оның нәтийжесинде жылына 1,5 млрд куб метр тәбийғый газ үнемлениўи режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги