Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде «Министрге мүрәжат» порталы иске қосылды. Оған муғаллимлер, тәрбияшылар ҳәм ата-аналар мүрәжат жибериўи мүмкин, деп хабар берди министр Ҳилола Умарова.
Муғаллимлер, тәрбияшылар ҳәм ата-аналардың мүрәжатларын қабыл етиўши жаңа платформа vazir.uzedu.uz иске қосылды.
– Порталға төмендеги мүрәжатларды жоллаў мүмкин: билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша усыныслар;
коррупция жағдайлары бойынша тийкарланған фактлер;
– басламалар, жойбарлар, пикир-усыныслар порталына жоллаўыңыз мүмкин.
«Бул, баслама, пикир-усыныслар жеке өзимниң қадағалаўымда болып, министрлик қәнигелери тәрепинен үйрениледи. Олар тийкарында машқалалар шешилип, жаңа жойбарлар енгизиледи»,-дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Умарова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги