Арал теңизиниң суў көлеми дерлик ярым метрге көтерилгени хабар берилди.
Өткен жылдың октябрь айынан берли бул көрсеткиш 48 смге бийикледи.
Бул ҳаққында Қазақстанның Қызылорда ўәлаяты ҳәкимлиги хабар берди.
Усы күнге шекем топланған суў көлеми 19,7 млрд куб метрди қурайды. Өткен жылы Арал теңизине түскен суў көлеми 816 млн куб метрди қурады. Усы жылдың 2 айында 803 млн кубометр қабыл етилген.
Еслетип өтемиз, Арал теңизи өткен әсирдиң ақырында Үлкен ҳәм Киши Аралға ажыралып кеткен еди. Гәп Қазақстан аймағында жайласқан Киши Арал теңизи ҳаққында бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги