Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде республикамызда бәҳәр мәўсиминле нәл егиў, тәрбия бериў ҳәм сақлаў менен байланыслы илажлар алып барылмақта.
Атап айтқанда, пуқаралар жыйынларында бос жер орынларында, аймақларда терек нәллерин егиў, қайырлы басламаларды әмелге асырыў, жап-салмаларды тазалаў, терек нәллерине тәрбия ҳәм форма бериў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары аўам етпекте.
“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Нөкис қаласындағы Ҳаўа жолы мәкан пуқаралар жыйынында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлестирилди. Илажда министрлик, фонд ҳәм пуқаралар жыйынларының белсендилери қатнасып, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
Улыўма миллий жойбар шеңбериндеги абаданластырыў жумыслары республикамыздың барлық жерлеринде даўам етпекте.
Қарақалақстан хабар агентлиги