Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен волейбол бойынша факультетлер аралық жарыс болып өтти.
Университет кәсиплик аўқамлары комитети тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста 10 команда қатнасты. Барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен Шет тиллери факультети менен Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң командалары финалда өз-ара беллести. Нәтийжеде Шет тиллер факультети ҳаял-қызларының командасы биринши орынды ийелеп, жарыс жеңимпазы болды.Үшинши орын университеттиң ҳәкимшилик-хожалық бөлими командасына несип етти.
Сыйлықлаў мәресиминде университет ректоры А.Реймов жыйналғанларды 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.
-Университетте ҳәр бир байрам мүнәсибети менен түрли спорт жарысларын өткериў дәстүрге айланбақта,-дейди Шет тиллери факультети командасының сәрдары Роза Жақсымова.-Буның ушын ректоратқа, кәсиплик аўқамлары комитетине миннетдаршылық билдиремиз. Командамыз жарысқа жақсы таярлық көргенликтен биринши орынды қолға киргиздик.
Жеңимпаз команда ҳәм сыйлы орын ийелерине кәсиплик аўқам комитети тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы