Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрь күнги “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарында Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарларының бири сыпатында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, таярлаў, тәмийнат ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер менен қатнасықларда, қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткериў процесинде, судларда ислерди көрип шығыўда қорғаў белгиленген.
– Қарарға муўапық, олардың ҳуқықлары, нызамлы мәплерин қорғаў, жумысында ушырасып атырған машқалаларды үйренип, сапластырыў бойынша судларда ислерди көрип шығыўда қатнасып келмектемиз, – дейди Елликқала районы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң ҳуқықтаныўшысы Жавоҳир Худайбергенов. – Атап айтқанда, районлық Кеңес тәрепинен 2022-жыл даўамында аймағымызда жумыс алып барып атырған фермер хожалықларының мәплерин қорғап 65 даўа арза киргизилип, 3 миллиард 800 миллион сум өндирип берилди. Мысал ретинде айтып өтетуғын болсақ, Қырыққызабад аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Чайка сүт булағы” фермер хожалығының мәпине Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судына жуўапкер Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының фермер хожалығында камерал тексериў өткериў бойынша қарарын ҳақыйқый емес деп табыў бойынша даўа арза киргизилип, суд тәрепинен қанаатландырылды. Есапланған 760 миллион сум қосымша қун салығы фермер хожалығына қайтарылды. Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының нызамсыз өткерген камерал тексериў ўақтында фермер хожалығына көп муғдарда материаллық зыян ҳәм алынбай қалған пайда анықланды. Бул жағдай тийисли уйымлар менен үйренип шығылып, фермер хожалығының алынбай қалған пайдасы ҳәм көрилген материаллық зыян жәми 2 миллиард 770 миллион сум екенлиги анықланып, судқа даўа арза киргизилди. Ҳәзирги ўақытта суд басқышында турыпты.
Әмирабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Исмоил Рўзимбетов” дийқан хожалығында да Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының усы дийқан хожалығында камерал тексериў өткериў бойынша қарарларын ҳақыйқый емес деп табыў бойынша даўа арза киргизилип, суд тәрепинен қанаатландырылды. 327 миллион сум қосымша қун салығының дийқан хожалығына қайтарылыўы үстинде жумыс алып барылмақта.
Бул жағдай бойынша түсиник берип өтетуғын болсақ, салық уйымының хызметкерлери тәрепинен Президентимиздиң исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлықлар ҳәм жеңилликлер жаратыў бойынша шығарып атырған қарарларын есапқа алмаў жағдайлары ушыраспақта. Нәтийжеде исбилерменлер, яғный фермерлер артықша әўерегершиликке салынып, судба-суд жүриўине мәжбүр етип келмекте.
2023-жылдың март айы басланса да, районда жумыс алып баратуғын айырым пахта-тоқымашылық кластерлери тәрепинен өткен жылы жеткерип берилген пахта шийки заты ушын төлемлери бойынша толық есап-санақ жумыслары әмелге асырылмағанлығы себепли район Кеңеси тәрепинен талапнамалар шығарылып, ескертиўлер берилмекте.
Фьючерс шәртнама Өзбекстан Республикасының “Хожалық жүргизиўши субъектлер жумысының шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм Пуқаралық кодекси менен тәртипке салынып, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткерилди. Бирақ пахта-тоқымашылық кластерлери шәртнама шәртлерине, белгиленген мүддетлерине итибар берместен, төлениўи керек болған пул қаржыларды өз ўақтында төлемеў жағдайлары көзге тасланбақта.
Быйылғы жылдың өткен еки айы даўамында фермер хожалықларының мәплерин гөзлеп 31 даўа арза киргизилди. Ҳәзирги ўақытта бул даўа арзалар суд тәрепинен көрип шығылмақта, Райондағы фермерлердиң 2022-жыл өними ушын пахта шийки затының пулларын кластерлардан өндирип бериў ислери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы