Социаллық тармақларда Тақыятас районы Тақыятас мәкан пуқаралар жыйынының баслығы жәми 31 миллион сумды талан-тараж етти, бирақ ҳуқық қорғаў уйымлары негедур жым, деген мазмунда тарқалған мағлыўмат бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратураси рәсмий мағлыўмат берди.
Онда атап өтилгениндей, Тақыятас районы Тахтакөпир көшесинде жасаўшы пуқара У.Е.диң Тақыятас мәкан пуқаралар жыйынында жүз берип атырған нызамбузылыўлар бойынша тийисли ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымларға жоллаған мүрәжаты тийкарында тексериў жумыслары алып барылды.
Тексериўде мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 30 марттағы “Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдемди таярлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына қайшы ретинде 3 жағдайда 2 миллион 632 мың сумлық бир мәртелик жәрдем пулы артық төленгенлиги ҳәм 2022-жылдың май айынан усы жыл 31 январь күнине шекем 37 жағдайда жәми 31 миллион 169 мың сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем пулы тийкарсыз төленгени анықланды
Ҳәзир бул жағдай бойынша Тақыятас районы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы