Ҳәр жылы 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын салтанатлы байрамда Президентимиздиң тийисли қарарына бола, қәбилетли, өзиниң умтылыслары менен жоқары нәтийжелерге ерискен қызлар Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланады. Бүгинги күнде республикамыздан бундай жоқары итибарға ылайық болғанлардың саны 90ға шамаласып қалды. Олардың көпшилиги ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етпекте.
Нөкис қаласындағы 1-cанлы спорт мектебинде спорттың каратэ түринен тренер болып жумыс ислеп киятырған Замира Алиева да усы жоқары сыйлықтың ийеси болғанлардың бири.
Таңлаўда оның тек спорттағы жетискенликлери ғана емес, ал, дизайн, кийим тигиў бойынша қәбилетлери де жоқары балл алыўына түртки болған еди. Ол спортшы болғаны себепли, сахнада өзин услаўы бир қанша қыйыншылық туўдырды. Соған қарамастан шаққанлығы, тил алғышлығы менен қыйын жағдайдан шығып кете алды.
Ол 2012-жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты алған болса, берилген үлкен имканиятты дурыс пайдалана алды ҳәм жуўапкершиликти терең сезинди. Сыйлыққа ерискеннен соң З.Алиева мақсетиме жеттим, деп тоқтап қалмады. Тынымсыз шынығыўлар, таярлықлар, өз үстинде излениўлер нәтийже берип, 11 мәрте Өзбекстан чемпионы, 3 мәрте Өзбекстан кубоги, Азия кубогинде 2 алтын, 1 гүмис медаль жеңимпазы болды. Жаслар арасында Италия қаласында сыйлы орынларды ийелеп қайтты. Усындай нәтийжелер арқасында 2017-жылы Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен спортшы атағын алды.
Оның таярлаған шәкиртлери арасынан мәмлекет чемпионлары, Азия ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпазлары жетилисип шықты. Атап айтқанда, Багдана Муратбаева, Дилдара Сәрсенбаева, Бахтияр Есжанов, Айша Сейтбаева, Пахратдин Пирназаровлар жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.
– Елимиз басшысы алып барып атырған көп қырлы сиясатта ҳаял-қызларға айрықша итибар қаратылады. Олардың мәмлекет ҳәм жәмийеттеги орнын беккемлеў, гендер теңликти тәмийинлеў Президентимиздиң турақлы итибарында, -дейди З.Алиева. –Ҳәзир спорт пенен шуғылланыўды қәлеўши қызларымыз ушын барлық шараятлар жаратылған. Солардан дурыс пайдаланыў ҳәр бир жасқа, әлбетте, табыс ҳәм жетискенликлерди алып келеди.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы