Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-январдағы «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 26-санлы қарарына муўапық, «Меҳир дәптери»не киргизилген әменгерликке ҳәм қәўендерликке алынған балалардың арзыў нийетлерин әмелге асырыў мақсетинде, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен олардың қәлеўиндеги саўғалар алып берилип, өз ийелерине тапсырылды.
Онда район ҳәкими Ж. Адилов ҳәм сектор баслықлары шығып сөйлеп, елимизде инсан қәдирин қәдирлеў бойынша көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанын ҳәм оннан ҳеш ким шетте қалмағанын жасларымыз турмысында айқын көрсек болады, деп атап өтти.
Соңынан «Меҳир дәптери»не киргизилген балалардың тилек-өтинишлерине бола қәўендерлер тәрепинен алынған 74 млн. 891 мың сўмлық 8 дана ноутбук, 2 тигиў машинасы, 3 велосипед, 1 синтезатор саз әсбапы, 1 ысытыў печкасы, 2 кишкене балалардың дем алыўы ушын арналған диван, 1 сабақ таярлаў топламы, стол, стул ҳәм кийим қойыў шкафы салтанатлы түрде тапсырылды. Бул саўғалар олардың жарқын келешегин жаратыўда әҳмийетли орын тутатуғынлығына беккем исеним билдирилди.
Сондай-ақ, илажда бир баланың жоқары оқыў орны ушын белгиленген бир жыллық контракт пулы төлеп берилди.
Өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлықтан кеўиллери толып-тасқан балалар да район ҳәкимлигине терең миннетдаршылық билдирди ҳәм исенимди ақлаўға өз ўәделерин берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы