Бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен дийқан-фермерлердиң жумыслары «балалап» кетеди. Бунда истиң көзин билип ислеген дийқан ғана табысқа ериседи. Усындай ўақытлары жас дийқанлардың тәжирийбели инсанлар менен өз-ара кеңескенине не жетсин.
Хожели районы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Шукуруллаева Толғанай» фермер хожалығында дийқан фермерлердиң ис-тәжирийбесин еле де арттырыў ҳәм бәҳәрдиң ғәниймет күнлеринен нәтийжели пайдланыў мақсетинде, гүзлик бийдай майданларын азықландырыў ҳәм суўғарыўға арналған көргизбели семинар өткерилди.
Оған район фермерлери менен аўыл хожалығына тийисли тараў хызметкерлери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниң ўәкили А.Қалқанов, район ҳәкими Ж.Ермашевлар шығып сөйлеп, халқымыздың ертеңги ырысқы-несийбеси болған ғәллени агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаў бойынша өзлериниң баҳалы кеңеслерин берип, бул жумысларды жуўапкершилик пенен атқарыўға шақырды.
Сондай-ақ, семинарда бир қатар тәжирийбели фермерлер де шығып сөйлеп, бийдайларды суўғарыў ҳәм азықландырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, өткен гүзде Хожели районы бойынша 3428 гектар жерге гүзлик бийдай егилип, олардан бир тегис нәли алыўға ерисилди. Ҳәзирги күнлери болса, усы ғәлле майданларын шайып суўғарыў ҳәм суспензия менен азықландырыў жумыслары алып барылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы