Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Ишки ислер министрлиги ўәкиллери менен студент-жаслар ушырасыўы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасының аға тергеўшиси, капитан М.Бекмуратов, Нөкис районы Ишки ислер бөлими жанындағы тергеў топары сорастырыўшысы, аға лейтенант С.Юсуповлар жаслардың ҳуқық ҳәм мәплери, олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жынаятлар, олардың алдын алыў ҳаққында кең түрде шығып сөйледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев тәрепинен усы жылдың 1-март күни өткерилген жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар шеңберинде барлық жоқары оқыў орынларында усындай ушырасыўлар өткерилмекте.
Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайларының жаслар арасында бақланып атырғаны ҳақыйқат. Ашынарлысы, республикамызда алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў илажларына қарамастан, жаслар тәрепинен исленип атырған жынаятлар азаймай атыр.
– Жаслар – ертеңги күн ийелери, -дейди капитан М.Бекмуратов. – Олардың келешеги пүткил бир миллеттиң тәшўиши болып табылады. Бүгинги күнде барлық тараўларда жаслар мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў ушын тек ата-аналар емес, ал, мәҳәлле, бир қатар шөлкемлер, мәкемелер де жуўапкер етип белгиленген.
Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги