Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, марҳум Орақбай Доспановтың туўылғанына 85 жыл толыўына арналған илимий-теориялық конференция усы атамада шөлкемлестирилди.

Илажға республикамызға белгили илимпазлар, билимлендириў тараўының пидайылары, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, алымның шәкиртлери, бирге ислескен кәсиплеслери, ағайин-туўысқанлары, перзентлери, сондай-ақ, докторант ҳәм магистрантлар қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары халық билимлендириў ағласы Орақбай Доспанов 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкергеннен соң усы жерде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасында оқытыўшы болып иследи.

1961-1992-жыллар аралығында Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты Қарақалпақ тилиниң тарийхы ҳәм диалектологиясы бөлиминде киши илимий хызметкер, Қазақстан Илимлер Академиясы Тил билими институтының аспиранты, ӨзИА Қарақалпақстан филиалы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институты Қарақалпақ тилиниң тарийхы ҳәм диалектологиясы бөлиминде үлкен илимий хызметкер, Сөзликлер ҳәм терминология бөлиминиң баслығы, усы институт директорының илимий ислер бойынша орынбасары, директор ўазыйпасын атқарыўшы сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жемисли мийнет етти.

1992-жыл ноябрь айынан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қарақалпақ тили кафедрасының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Терминологиялық комитет баслығының орынбасары, Мектепке шекемги тәрбия факультетиниң деканы, қарақалпақ тил билими кафедрасының баслығы, өмириниң ақырына шекем усы кафедра профессоры болып иследи.

О.Доспанов 1965-жылы берилген мүддетинен 5 ай бурын «Қарақалпақ тили қубла диалектиниң лексикасы» деген темада кандидатлық, 1981-жылы «Қарақалпақ тилиниң диалектлик лексикасы лингвогеографиялық бағдарда» темасында докторлық диссертациясын қорғады.

Белгили илимпаз қарақалпақ тилиниң тарийхы, лексикологиясы, морфологиясы, диалектлик лексикология, лингвогеография, әдебий ҳәм регионал лексикография тараўлары бойынша көлемли изертлеўлер алып барды.

Ол – қарақалпақ диалектлик лексикасын лингвогеографиялық бағдарда изертлеген дәслепки илимпаз.

О.Доспановтың жоқары оқыў орынларының студентлери ушын «Қарақалпақ тилиниң Мойнақ говоры», «Қарақалпақ тилиниң Тахтакөпир говоры», «Қарақалпақ тилиниң диалектологиялық атласы», «Қарақалпақ әдебияты классиклери шығармаларының тили» (авторлар менен биргеликте), «Түркий тиллериниң диалектологиялық атласы», «Қарақалпақша-русша, русша-қарақалпақша сөзлик», сондай-ақ, «Қарақалпақ диалектологиясы», «Қарақалпақ тилиниң диалектологиялық сөзлиги» (Д.С.Насыров пенен биргеликте), «Тәлимдеги жаңа атамалардың қысқаша түсиндирме сөзлиги», «Қарақалпақ тилиндеги мәденият терминлериниң қысқаша түсиндирме сөзлиги», «Қарақалпақ тилиниң аймақлық лексикографиясы», «Исмиңиздиң сыры неде?» ҳәм басқа да мийнетлери баспадан шықты.

Илимпаз – 7 монография, 6 сабақлық, 250 ден аслам илимий, 400 ге шамалас газета ҳәм журнал мақалаларының авторы. 1963-2008-жыллар аралығында Москва, Санкт-Петербург, Уфа, Новгород, Баку, Алма-ата, Ташкент, Душанбе, Ашхабад, Тараз, Түркстан ҳәм басқа да қалаларда өткерилген халықаралық конференцияларда илимий баянатлары менен қатнасты.

Белгили илимпаз улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынларының бағдарламалары, сабақлықларын жазыўға салмақлы үлес қосты. Баспасөзде бирнеше сүўретлемелер, гүрриңлер, очерклер жәриялады. Дүнья жүзилик, рус, өзбек, қырғыз ҳәм т.б. халық жазыўшыларының гүрриңлерин, романларын қарақалпақ тилине аўдарды. 1995-жылдан Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы болды.

Илимпаз бир қатар илимий мийнетлердиң жуўаплы редакторы, төрт томлық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» бас редакторының орынбасары сыпатында да белгили. Оның илимий басшылығында 1967-2012-жыллар аралығында бир неше илим кандидатлары менен докторлары жетилисип шықты.

Оған «Мийнет ветераны» (1988-жыл), «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» (1989-жыл) ҳүрметли атақлары берилди.

Конференцияда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының доценти, филология илимлериниң кандидаты А.Пирекеева, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қарақалпақ тили кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты С.Шынназарова, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң магистранты Д.Халмуратовалар илимпаздың өмири, дөретиўшилиги, илимий мийраслары ҳаққында баянатлар жасады.







Қарақалпақстан хабар агентлиги