Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, партияның Жоқарғы Кеңестеги фракциясы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлардың қоспа мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске партиядан Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар, Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери қатнасты.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Жоқарғы Кеңестеги фракциясы, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Жетискенликлер менен бирге, кемшиликлер де сынға алынып, депутатлар тәрепинен турақлы түрде белгиленген кесте тийкарында өз сайлаўшылары менен өткерген ушырасыўлары, халықтың кем тәмийинленген, мүтәж қатламларына берилип атырған жәрдемлери атап өтилип, алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, депутатлық лаўазым емес, ал үлкен жуўапкершилик. Солай екен, халықтың исенимин ақлаў, партияның 2020-2024-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың әмелге асыўын толық тәмийинлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды және де тереңлестириўде депутатлардан жанкүйерлик көрсетип, пидайы мийнет етиўди талап етеди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 11, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 91, жәми 102 депутат жумыс алып бармақта.
Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясының ағзалары тәрепинен нызам ҳәм ҳүкимет қарарларының орынланыўын қадағалаў бойынша 9, пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында 192 депутатлық сораў шығарылған.
Жоқарғы Кеңес сессиясына 2 мәселе киргизилип, тийисли қарар қабыл етилген. Фракция ағзалары тәрепинен 2 мәрте лаўазымлы шахслардың есабатлары тыңланған.
Партияның Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топар ағзалары тәрепинен 356 депутатлық сораў шығарылған. Жергиликли Кеңес сессияларына 44 мәселе киргизилип, сессия қарары қабыл етилген. Турақлы комиссияларға 64 мәселе алып шығылған. Депутатлық топарлар тәрепинен 38 лаўазымлы шахстың есабатлары тыңланған.
Орынларға жиберилген жәми 557 депутатлық сораўдың 89 проценти унамлы шешилген. 62 депутатлық сораў бойынша ҳуқықый түсиниклер берилген.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясынын 2023-жылға белгиленген ис-режеси додаланып, депутатлар тәрепинен тастыйықланды. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳәм партияның Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген илажлардан келип шығатуғын ўазыйпалар орын алған.
Мәжилисте Тақыятас районы 42-санлы «Тақыятас» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, партияның районлық Кеңесиниң баслығы А.Өмирова, Қараөзек районлық Кеңесиниң баслығы Қ.Жақсымуратовлардың 2022-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы есабатлары тыңланды.
- Бүгинги күнде «Үйме-үй» жойбары тийкарында 80 нен аслам кем тәмийинленген шаңарақларға барылып, жаслардың машқалалары үйренилди. Солардан 6 жасты жумыс пенен тәмийинлеўге еристим,-дейди депутат А.Өмирова. – Өткен жыл даўамында пуқаралардан 100 ден аслам мүрәжат келип түскен болса, 38 мүрәжат унамлы шешилип, 28 мүрәжат бойынша түсиник жумыслары әмелге асырылды ҳәм 34 мүрәжат тийисли мәкемелерге жиберилди.
Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарар қабыл етилди.
Қоспа мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги