Нызам жойбарына түсиник
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде конституциялық реформалар избе-излик пенен даўам еттирилмекте. Жаңаланып атырған Конституциямызды және де халықшыл нызам сыпатында таярлаў бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте.
Конституциялық нызам жойбарында белгиленип атырған ғалаба хабар қуралларының жумысы менен байланыслы жаңа норма ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты төмендегилерди атап өтти:
Конституциялық нызам жойбарында мәмлекетимизде алып барылып атырған ашық-айдынлық сиясатын қатаң даўам еттириўге қаратылған қағыйдалар беккемленип атырғанын айрықша атап өтиў керек. Атап айтқанда, мәмлекетлик ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлигин кепиллеў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болыўы беккемленбекте.
Мәлимлеме майданында информациялар қаншелли әдил болса, күтилген мәлимлеме болса ҳәм тек ғана мағлыўмат емес, таллаўларға бай болса, әне сонда халыққа пайдасы тийетуғын сондай-ақ, мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге хызмет етеди. ҒХҚ мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы ең әҳмийетли көпир. Мине, усы көпирдиң беккемлиги еки системаның раўажланыўына да хызмет етеди.
Әмелдеги Конституциямыздың 67-статьясы ҒХҚның еркинлиги, цензураға жол қойылмаслығы сыяқлы қысқарақ нормаларды билдиретуғын еди. Келешекте усынылып атырған нормаға бола, ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық етиў ямаса араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғыны белгилеп қойылып атырғаны мәлимлеме дүньясының ўәкиллери ушын еркинликти тәмийинлейди. Қалаберди, тараўдың раўажланыўына, мәлимлемелер сапасының артыўына, мәмлекетимизде сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигиниң және де жоқарылаўына, жәмийетте ашық-айдынлық орталығын беккемлеўге хызмет етеди.
Муҳтарама Комилова жазып алды.
ӨзА