«Анадолу»да Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Бакуда болып өткен Қосылмаў ҳәрекети Байланыс топары саммитиндеги қатнасы ҳаққында материал жәриялады.

Мақалада мәмлекетимиз басшысының инсаният басына түскен сынақлар алдында аўызбиршилик зәрүр екенлиги ҳаққындағы пикирине айрықша итибар қаратылған:

– Таллаўлар соны көрсетеди, кейинги жыллары инсаният пандемияға қарсы гүрестен тысқары, климат өзгериўи, тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлардың аянышлы ақыбетине де ушырамақта,-деди Мирзиёев саммит қатнасыўшыларына мүрәжат етип. – Бул процесс көлеми күн сайын кеңеймекте ҳәм тек ғана айрықша мәмлекетлер емес, ал пүткил регионлардың қәўипсизлигине, турақлы раўажланыўына аўыр қәўип туўдырмақта. Әлбетте, бирлесиў ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаў арқалы ғана аўыр сынақларды жеңип өте аламыз. Өзбекстан 2030-жылға шекем мөлшерленген Сендай рамкалы бағдарламасында гөзленген мақсетке ерисиў ушын Глобал платформа тийкарындағы биргеликтеги жумысты және күшейтиў тәрепдары.

Соның менен бирге, мақалада мәмлекетимиз жетекшиси Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстанда узақ ўақыттан берли даўам етип атырған келиспеўшиликке глобал шешим табылмағанына дыққат аўдарғаны итибарға алынған:

– Соңғы жыллары барлық мәмлекетлерде терроризм ҳәм экстремизм қәўипи күшейип баратырған бир шараятта Шөлкем шеңберинде әмелий бирге ислесиўди кеңе         йтиў әҳмийетли болып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Соны инабатқа алған ҳалдабиз Қосылыў ҳәрекетин терроризмниң ҳәр қандай көринисине қарсы гүресиў бойынша халықаралық ҳуқықый базаны беккемлеўге қаратылған улыўмалық ҳәрекетлеримизге жетекшилик етиўге шақырамыз. Бул илаж Ҳәрекетке ағза барлық мәмлекетлердиң БМШ шеңбериндеги ҳәр тәреплеме бирге ислесиўин және де жеделлестириўге хызмет ететуғынына исенемен.

БМШны реформалаў процесинде Қосылмаў ҳәрекети ағзалары Қәўипсизлик кеңесинде турақлы орын табыўы керек, деп есаплайтуғын Шавкат Мирзиёев даўам етип атырған экономикалық кризис ақыбетлерин жумсартыўды глобал күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли мәселе деп атағаны да атап өтилген.

– Бүгинги саммит сыяқлы абырайлы форумлар, биринши гезекте, әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, регионаллық биргеликтеги бағдарламалар, ири жойбарларды әмелге асырыў ушын кең экономикалық имканият ашыўы керек екенлигин айрықша атап өтемен,-деп қосымша етти Президент. – Усы мақсетте Қосылмаў ҳәрекети саммитлери алдында турақлы түрде шөлкем шеңберинде Экономикалық форум өткериўди усыныс етемен.

Буннан тысқары автор Мирзиёев жас әўлад темасына айрықша тоқтағанын да атап өткен:

– Сиясатымыз ҳәм режемизди үйлестириў, топланған тәжирийбени алмасыў мақсетинде келеси жылы Ҳәрекетимиз Жаслар тармағының «Шексиз имканиятлар саммити»н жәҳән цивилизациясы орайларынан бири – тарийхый Самарқандта шөлкемлестириў нийетиндемиз.

Г.Сатторова
ӨзА