Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында Х.Сулайманова атындағы Республика суд экспертизасы орайы қәнигелериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда бажыханашылардың автотехникаларды суд экспертизасынан өткериў процесслери ҳәм оны шөлкемлестириўде итибар қаратылатуғын тәреплери бойынша билим ҳәм көнликпелери арттырылды.
Атап айтқанда, транспорт қуралының ислеп шығарылған жылын анықлаў, оның VIN кодын анализлеў, яғный, транспорт қуралы ҳаққында оны ислеп шығарған кәрхана тәрепинен бириктирилген VIN санларынан толық мағлыўмат алыў тәртиби, сондай-ақ, транспорт қуралы ислеп шығарылған мәмлекет, двигательлердиң көлеми, үскенелерин анықлаў усыллары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Сырт еллерден алып келинип атырған автотранспорт қуралларының бажыхана рәсмийлестирилиўи процесинде мәмлекетлик бюджетке өндирилетуғын бажыхана төлемлериниң баҳасы усы транспорт қуралының ислеп шығарылған жылы, техникалық жағдайы ҳәм двигателиниң көлемине тиккелей байланыслы. Соннан келип шығып, автотранспорт қуралы импортында суд автотехника экспертизасының жуўмағы үлкен әҳмийетке ийе болады.
– 2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен 3 жағдайда, жәми баҳасы 211,4 миллион сумлық автотранспорт қуралын VIN санлары өзгертилген ҳалда нызамсыз түрде алып кириўге урыныў факти анықланған,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Тырнақша ишиндеги айырым «шаққан исбилерменлер»диң гөзлеген мақсети де анық. Яғный, автотранспорт қуралының негизги жағдайын жасырып, бажыхана төлемлеринен қашыў болып есапланады.
Бундай унамсыз ислерге мәмлекетлик уйымлардың өз-ара бирге ислесиўиндеги опаратив илажлар нәтийжесинде өз ўақтында шек қойылмақта.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги