2-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.
Дәслеп сенаторлар Сенаттың 2022-жылдағы жумысы ҳәм 2023-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында Сенат Конституция ҳәм нызамларда белгиленген ўәкилликлери, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында сәўлеленген тийкарғы бағдарлардан келип шығып жумыс алып барды.
Соның ишинде, нызамшылық жумысын жетилистириў, парламентлик қадағалаўды күшейтиў, халықаралық ҳәм парламентлер аралық қатнасықларды кеңейтиў, жергиликли Кеңеслердиң жумысына жәрдемлесиў, халық пенен қарым-қатнас нәтийжелилигине ерисиўде парламент тәсирин арттырыў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырды.
Атап айтқанда, нызамшылық бағдарында жәми 79 нызам көрип шығылды. Нызамлар аймақлардың мәплеринен келип шығып, сын көзқарастан-аналитикалық көзқарас пенен додаланды. 2022-жылы Сенат тәрепинен 8 нызам бийкар етилди.
Нызамларды системалы таллаў ҳәм оларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў әмелияты даўам еттирилип, 20 дан аслам нызамның орынланыўы, ҳуқық қолланыў әмелияты ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин мониторинг етиў жуўмақлары бойынша Ҳүкимет алдына тийисли ўазыйпалар қойылды.
Парламентлик қадағалаў шеңберинде Сенат жалпы мәжилислеринде ҳүкимет, министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ҳәкимлердиң есабат ҳәм мәлимлемелери бойынша 27 тыңлаў өткерди.
Ҳәр шеректе ҳүкиметтиң ҳәм қаржы министриниң Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў барысы ҳәм Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы есабатлары додаланды.
Сенаторлар аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың ҳақылы наразылықларына себеп болып атырған мәселелерди үйрениўге айрықша итибар берген ҳалда, үйрениўлердиң жуўмақлары бойынша мыңға шамалас мәселе шешиў ушын ҳүкиметке киргизилди. Усы усыныслар тийкарында 2023-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳәм инвестиция бағдарламалары шеңберинде 1,2 триллион сумнан артық қаржы ажыратылыўына ерисилди.
Сенат комитетлери тәрепинен қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде аймақларда 67 үйрениў өткерилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Ҳүкимет ағзаларына 5 парламентлик сораў жиберилди. Сенаторлар тәрепинен орынлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер, халықты тәшўишке салып атырған машқалалар бойынша жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшыларына 200 ден артық сораў жиберилди.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 17,1 мың мүрәжаты көрип шығылды. 6,5 мыңға шамалас мүрәжат өз алдына қадағалаўға алынып, ҳәр тәреплеме үйренилди.
Соның ишинде, 5 мыңға шамалас мүрәжат бойынша авторларға түсиник берилди, 700 ден аслам арза ҳәм шағымлардағы мәселелер тийкарлы деп табылып, унамлы шешилди.
Халықаралық парламент қатнасықлары шеңберинде сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, халықаралық финанс структуралары ҳәм бизнес ўәкиллери менен өткерилген 170 тен аслам ушырасыўларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Еки тәреплеме парламент байланысларын ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде парламентлер аралық топарлардың 10 нан артық мәжилислери болып өтти.
Жергиликли Кеңеслердиң жумысына методикалық-әмелий жәрдем көрсетиў ушын Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар менен биргеликте жергиликли Кеңеслердиң депутатлары ушын турақлы түрде оқыў курслары, семинарлар шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, Сенат Баслығы басшылығында коррупция, адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, ҳаял-қызлар мәселелери, гендер теңликти тәмийинлеў, халықаралық рейтинглер менен ислесиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарларда миллий (республикалық) структуралардың жумысы избе-из даўам еттирилди.
Мағлыўмат ушын: атап өтилген бағдарларда алып барылған реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиз ушын тийкарғы етип белгиленген 16 абырайлы халықаралық рейтингте Өзбекстанның орны көтерилди.
Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында алып барылған жумыслар нәтийжесинде Cotton Campaign халықаралық коалициясы тәрепинен 13 жылдан берли (2009-2022-жыллар) Өзбекстан пахтасына қолланылған халықаралық бойкот бийкар етилди.
Мәжилис даўамында Сенат жумысы жуўмақлары көрип шығылғаннан соң, 2023-жылға мөлшерленген парламент жоқары палатасының баслы ўазыйпалары да белгилеп алынды.
Буннан соң, сенаторлар тәрепинен «Бәсеки ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызам елимиз аймағында товарлардың еркин ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, бәсеки орталығын қорғаў, товар, қаржы ҳәм санлы базарлардың нәтийжели жумыс ислеўине шараят жаратыў мақсетинде ислеп шығылған. Онда 2012-жылы қабыл етилген «Бәсеки ҳаққында»ғы ҳәм 1999-жылы қабыл етилген «Тәбийғый монополиялар ҳаққында»ғы нызамлар бирлестирилип, тәбийғый монополия ҳәм үстин статусқа ийе субъектлерге қойылатуғын талаплардың айырым бөлегиниң бирдейлестирилгенин атап өтиў керек.
Нызамда бәсеки тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың яғный, бәсекини қорғаў, бәсекиге қарсы ҳәрекетлердиң алдын алыў ҳәм тоқататыў, республика аймағында экономикалық жумыс еркинлиги ҳәм товарлардың еркин ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, товар ҳәм қаржы базарларының нәтийжели жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгиленген.
Буннан тысқары, нызам менен бир қатар жаңа, яғный монополияға қарсы комплеанс, санлы платформа сыяқлы түсиниклер киргизилмекте.
Нызамда үстин статусты белгилеўдиң жаңа нормалары киргизилип атырған болып, оған бола тәбийғый монополия субъектлери де үстин статусқа ийе субъектлер қатарына қосылмақта.
Соның менен бирге, нызамда тийкарғы додалаў күши институты киргизилип, бул нормаға бола, келисим шәртлерин, товарлар реализацияланатуғын аймақты ҳәм баҳаны белгилеўге бир тәреплеме тәсир көрсетиў имканиятының бар екенлиги себепли басқа субъектлер менен шәртнама дүзиўде, оларда тийкарғы додалаў күши бар деп баҳаланатуғыны белгиленбекте.
Исбилерменлик субъектлери арасында саламат бәсеки орталығын тәмийинлеў мақсетинде нызамда бәсеки орталығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған жәрдемди баҳалаў системасы енгизилмекте.
Нызам менен саўдаларға байланыслы бәсекини шеклеўге қарсы талаплар ҳәм өз-ара байланыслы болған қатнасыўшылардың бир ўақытта саўда процесслеринде қатнасыўына қадаған етиўлер белгиленбекте.
Сондай-ақ, бәсеки ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Сенаторлардың пикирине бола, бул нызамның қабыл етилиўи бәсекиге қарсы ҳәрекетлердиң азайыўына, экономикалық жумыс еркинлиги, товарлардың еркин ҳәрекетлениўине, бәсеки орталығын раўажландырыўға сондай-ақ, товар ҳәм санлы базарлардың нәтийжели жумыс алып барыўына, экономикада мәмлекетлик қатнасты қысқартыўға ҳуқықый тийкар жаратады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да қызғын додаланды.
Атап айтқанда, соңғы ўақытлары наўқаслар ҳәм олардың жақын туўысқанлары тәрепинен медицина хызметкерлерине күш көрсетиў жағдайларының көбейип баратырғанлығы, бул процессте медицина хызметкерлерин наўқаслардың саламатлығы жаманласыўында ямаса өлиминде тийкарсыз түрде айыплаў, сондай-ақ, ҳеш бир себепсиз шыпакерлерге ҳәм орта медицина хызметкерлерине күш ислетиў жағдайларының жүз берип атырғанлығы атап өтилди.
Нызам менен жоқарыда атап өтилген машқалаларға шешим табыў мақсет етилген.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық етип атырғаны ямаса усы мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы түрде ҳәр қандай түрде тәсир өткергени ушын өз алдына жуўапкершилик белгиленбекте.
Онда бул нызамсыз жумысты әмелге асырған пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса жети есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў ямаса он бес суткаға шекемги ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы киргизилмекте.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1977-статьясында медицина хызметкериниң нызамлы медициналық жумысына тосқынлық етип атырғаны ямаса усы мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы түрде ҳәр қандай түрде тәсир өткергени ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў белгиленбекте.
Буннан тысқары, бул Кодекстиң 305-статьясына муўапық усы категориядағы жумысларды көрип шығыў мүддети үш сутканы шөлкемлестиретуғыны атап өтилмекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызамның қабыл етилиўи медицина хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғап, олардың кәсиплик жумысына ҳәр түрли араласыўлардың алдын алады. Шыпакерлик кәсибиниң статусы сондай-ақ, абырайын арттырыўға, пуқараларға өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетилиўине хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилис даўамында «Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, педагогларды кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған илажларға нызамсыз тартыў жағдайларының даўам етип атырғанлығы, педагог хызметкерлер аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалалар менен мәселелерди шешиў ушын дүзилген көплеген жумысшы топарлар қурамына тийкарсыз киргизип атырғанлығы, олардан ҳәр қыйлы есабат ҳәм мағлыўматлар талап етилип атырғаны атап өтилди.
Додаланған нызам менен жоқарыда атап өтилген машқалаларға шешим табыў мақсет етилген.
Усы нызамға муўапық Жынаят кодексине педагог хызметкерлерди мийнетке ҳәкимшилик түрде мәжбүрлегени ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин мине, усындай қылмысты қайтадан ислегени ушын жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы норма киргизилмекте.
Оған бола, билимлендириў шөлкеминиң педагог хызметкерин мийнетке ҳәкимшилик түрде қайта мәжбүрлегени ушын базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекемги белгили бир ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет арқалы дүзетиў жумыслары менен жазаланатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте педагог хызметкерлерди мийнетке ҳәкимшилик түрде мәжбүрлегени, соның менен бирге, олардың кәсиплик жумысына нызамға қайшы түрде араласқаны ушын жуўапкершилик күшейтилиўи нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң кәсиплик жумысына билим алыўшылардың билимин дурыс ҳәм әдил баҳалаўына тәсир көрсетиў ямаса нызамға қайшы түрде араласыў, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў ушын да жуўапкершилик күшейтилмекте.
Онда Кодекстеги санкциялар пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса он бес есесинен жигирме есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам билимлендириў шөлкемлериниң педагог хызметкерлерин мийнетке тартыўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳәм педагог хызметкерлердиң кәсиплик жумысына нызамға қайшы түрде араласқаны ушын жуўапкершиликти күшейтиўге, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамы мәплерин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары, Сенат ағзалары «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды қызғын додалады.
Атап өтилгениндей, мәмлектелик хызметлерди көрсетиўде физикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң суд тәртибинде қорғалыўын тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыў зәрүрлиги жүзеге келип атырғаны атап өтилди.
Усы мақсетте ислеп шығылған нызам халық ҳәм исбилерменлик субъектлери мүрәжатларын тез пурсатларда көрип шығылыўын тәмийинленетуғыны сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.
Нызам менен мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдарларына қосымша киргизилмекте. Соның ишинде, пуқаралар мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге байланыслы қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судларға мүрәжат еткенде белгиленген мәмлекетлик бажы ставкасының 50 проценти муғдарында төлеўи белгиленбекте. Онда қалған бөлеги белгиленген тәртипте жумысты көриў нәтийжеси менен өндириледи.
Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызамда усыныс етилип атырған норма пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери суд тәртибинде қорғалыўын ҳәм олардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятын және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан кейин «Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Жынаят-орынлаў кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Додалаўлар процесинде бүгинги күнде мәнзил-колониясында жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылардың жазаны өтеў орынларын өзбасымшалық пенен тәрк етиў жағдайлары жүзип берип атырғаны, бирақ қамақтағы бундай адамларға қатаң жаза шаралары белгиленбегени, мәнзил-колониясына өткерилген аўыр ҳам оғада аўыр жынаят ислеген қамақтағылар тәрепинен жазаны өтеў дәўиринде бир қатар аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынаятларды қайта ислегенлик жағдайларының бақланып атырғаны атап өтилди. Тек ғана 2021-жылы мәнзил-колониясында жаза мүддетин өтеп атырған 15 қамақтағылар тәрепинен аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынаятлар жүз берген болса, 2022-жылы 77 қамақтағылар тәрепинен усындай түрдеги жынаятларға қол урылған.
Сондай-ақ, нызамшылықта сақлаў режимин турпайы бузыўдың ақыбетлери ҳәм мийнеттен бас тартқан деп табыўдың анық нормалары белгиленбегени қамақтағылар менен алып барылып атырған тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигине тәсир етип атырғаны айтып өтилди.
Додаланған нызам тек ғана жоқарыдағы машқалаларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған емес, ал жазаны орынлаў мәкемелеринде орнатылған тәртип-қағыйдаларға толық әмел етиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып табылады.
Атап айтқанда, нызам менен киргизилип атырған өзгерислер тийкарынан жазаны орынлаў мәкемеси аймақты өзбасымшалық пенен таслап кеткен қамақтағыларды сақлаў режимин турпайы бузыўшы деп табыў тийкар болатуғын 24 саатлық мүддет 12 саатқа шекем қысқартылып, жазаны өтеў тәртибин бузғанлығы ушын гезектеги ушырасыўдан айырыў тәризиндеги жаза илажы белгиленбекте.
Сондай-ақ, Жынаят-орынлаў кодекси жаңа 1121-статья менен толықтырылып, оған бола сақлаў режимин турпайы бузыўшы қамақтағыларға мәнзил-колониядан улыўма тәртипли колонияға, улыўма, қатты ямаса арнаўлы тәртипли колониялардан тюрьмаға қайтарыў ҳаққында судға усыныс хаты киргизилиўи белгиленбекте.
Буннан тысқары, мәнзил-колонияда жазаны өтеў дәўиринде сақлаў режимин турпайы бузғаны ушын улыўма тәртипли колонияға өткерилген ҳәм улыўма ямаса қатты тәртипли колонияға қайтарылған қамақтағылар, бул ҳаққында судтың бийлиги шыққан күннен баслап кеминде еки жыл даўамында, сондай-ақ, мәнзил-колонияда жазаны өтеў дәўиринде жынаят ислеп, суд тәрепинен еркинен айырыў тәризиндеги жазаға ҳүким етилген қамақтағылар мәнзил-колонияға өткерилмейтуғыны белгиленбекте.
Буннан былай, қамақтағыларды мәнзил-колонияға өткериў мүддетлери созылады, яғный аўыр жынаятлар ушын – жазаның кеминде оннан бир бөлегин, оғада аўыр жынаят ушын кеминде ярымын өтегенинен кейин қамақтағылар мәнзил-колонияға өткерилиўи мүмкин екени ҳәм усы мүнәсибет пенен қамақтағыларды жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиў – аўыр жынаятлар ушын жазаның кеминде үштен еки бөлегин өтегенинен кейин, оғада аўыр жынаятлар ушын болса кеминде төрттен үш бөлегин өтегенинен кейин қолланылыўы белгиленбекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның әмелиятқа енгизилиўи қамақтағылардың жазаны орынлаў мәкемелеринде орнатылған тәртип-қағыйдаларына толық әмелге етиўине, тәрбиялық илажлардың нәтийжелилиги артыўы ҳәм қайта жынаяттың жүз бериў жағдайларының алдын алыныўына, мийнет етиўге болған мүнәсибетти унамлы тәрепке өзгертиўге, жазаны орынлаў мәкемелериниң ишки тәртип-интизамын беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаўлардан кейин нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Кейинги жылларда пуқаралардың тутыныў кредитлерине болған талабы артып барыўы, сондай-ақ, өним жеткерип бериў ҳәм хызметлер көрсетиў көлеминиң кеңейип атырғаны финанслық тутыныў кредит ажыратылыў бойынша әмелдеги нызамға өзгерислер киргизиўди талап етпекте.
Бундай факторлар есапқа алынған ҳалда Сенаттың отыз жетинши жалпы мәжилисинде «Финанслық тутыныў кредитин бериў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 15-статьясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Оған бола, Өзбекстанда ислеп шығарылмаған товарлар (хызметлер) ушын да тутыныў кредитин ажыратыўға рухсат бериў нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер тәрепинен сатылатуғын товарлар (хызметлер), сондай-ақ, Өзбекстан Республикасына сырттан келтирилген товарлар (хызметлер) ушын финанслық тутыныў кредитлерин бериў имканиятын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, нызам менен тутыныўшы финанслық тутыныў кредитин алыў ҳаққында тутыныў товарларын (хызметлерин) ислеп шығарыўшы кәрхананы ямаса реализациялаўшы шөлкемди алдыннан жазба түрде хабардар етиў тәртиби бийкар етилмекте.
Нызамның қабыл етилиўи халықтың тутыныў кредитлерин рәсмийлестириўде жеңилликлер жаратылыўына, мәмлекетте өним ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў көлеминиң кеңейиўине хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың отыз жетинши жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен «Мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықлардың нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлардың көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлеринде өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекеттиң раўажланыўының ҳәзирги басқышында кең көлемли реформалардың табыслы әмелге асырылыўы мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыўды ҳәм пуқара және исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин талап етеди.
Бул нызам әйне мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплери нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўди халықаралық стандартларға сәйкес ҳалда жетилистириў мақсетинде ислеп шығылған.
Атап айтқанда, нызамда ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўди «судтың белсене қатнасыўы» принципи тийкарында әмелге асырыў, онда ҳәкимшилик судларға өз басламасы менен дәлийллерди жыйнаў миннетлемесин жүклеў белгиленбекте. Ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибеттен келип шығатуғын реже менен бирге зыянды өндириў талабы бойынша да ҳәкимшилик судқа киргизиў ҳуқықы усынылмақта. Ҳәкимшилик судлардың шешиўши қарарлары мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер тәрепинен орынланбаған жағдайда, оларға байланыслы суд жәриймаларын қолланыў, қайтадан орынланбағаны ушын суд жәриймасын арттырылған муғдарда қолланыў белгиленбекте. Ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын жумыслар бойынша тәреплер арасында жарасыўға ерисиў механизмлери енгизилмекте.
Сондай-ақ, судлар системасында «бир айна» принципин енгизиў, онда судлар тәрепинен шағым арзасы, арза ҳәм шағымды судқа тийисли болмағаны себепли қабыл етиўден бас тартыў ямаса жумыс жүргизиўди сапластырыўды қадаған етиў ҳәм шағым арзасы, арза, шағымларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў нәзерде тутылмақта. Экономикалық суд тәрепинен берилген орынлаў ҳүжжети бойынша мәмлекетлик атқарыўшының шығарған қарары үстинен экономикалық судқа емес, ал ҳәкимшилик судқа шағым етиў белгиленбекте.
Нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыўға, пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға ҳәм халықтың судларға болған исенимин және де арттырыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да қызғын додаланды.
Нызам бойынша баланы сырт мәмлекет аймағында қадағалаўсыз қалдырғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болған баланы әкеси, анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахс ямаса бирге ислесиўши шахс сырт мәмлекет аймағында баланы қадағалаўсыз қалдырғаны ушын базалық есаплаў муғдарының он есесинен елиў есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартылыўы нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, бул ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин, және тап сондай ҳәрекет жүз бергени ямаса сырт мәмлекет аймағында турған баланың суд тәрепинен белгиленген мүддетте Өзбекстанға қайтарылыўын тәмийинлемегени ушын жынайый жуўапкершилик киргизилмекте. Соның ишинде, сондай нызам бузылыўы ушын үш жылға шекем мийнет арқалы дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем азатлықты шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленбекте.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, буннан былай «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерис бойынша баланың әкеси, анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахс сырт мәмлекетте баланы қадағалаўсыз қалдырыў, яғный ата-ананың, олардың орнын басатуғын шахстың балаға тәмийнат, тәрбия ҳәм билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартыўы нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
Сондай-ақ, нызам менен «Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилип, оған бола шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәлим-тәрбия алыўы мүмкин болған балалар саны жигирма бестен елиўге шекем көбейтилмекте. «Ҳәкишилик қамақты өтеў тәртиби ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер киргизилип, оған бола ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларға өткерилмекте.
Жуўмақлап айтқанда, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен 4 кодекс ҳәм 4 нызамға зәрүр өзгерислер менен қосымшалар киргизилип, халқымызға тән кеңпейиллик, инсаныйлық пазыйлетлери, жәмийет ҳәм шахс алдындағы жуўапкершилик нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлеримизде де өз көринисин таппақта.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Сенатының
Мәлимлеме хызмети