Мәмлекетимизде контрафакт өнимлерине қарсы гүресиўди және де жеделлестириў, халықтың саламатлығына аўыр зыян жеткериўи мүмкин болған бул өнимлердиң мәмлекетимиз аймағында айланыста болыўының алдын алыўға қаратылған илажларды және де жетилистириў мақсетинде ҳәр жылы 15-февральдан 15-мартқа шекем «Контрафактсиз ай» айлығы өткериледи.

Интеллектуаллық мүлк ҳуқықын қорғаўда, мәмлекетимиз аймағына инсан өмири ҳәм саламатлығына унамсыз тәсир етиўши өнимлердиң кирип келиўиниң алдын алыў, контрафакт товарларға қарсы гүресиўде бажыхана уйымларының роли әҳмийетли болып есапланады. Усы айлық шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында «Контрафакт өнимлерине қарсы гүресиўде бажыхана хызметиниң орны» темасында исбилерменлик субъектлери менен дөгерек сәўбетлери өткерилди. Илажға бажыхана, Әдиллик ҳәм Саўда-санаат палатасының жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, контрафакт өним – бул интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын бузған жағдайда ислеп шығарылған ҳәм сатылатуғын товарлар болып есапланады. Көбинесе ишки тутыныў базарында азық-аўқат өнимлери, турмыслық химия, косметика ҳәм дәри-дәрмақ сыяқлы өнимлерге аңсат уқсатылған ҳалда қәлибеклестириледи ҳәм оннан нусқалар алынады. Онда товар белгиси ҳәм ислеп шығарыўшының атынан пайдаланыўды гөзлеп, белгили, сапалы товар ислеп шығарыўшы брендлердиң атына уқсатып таярланған атамалар астында контрафакт товарлар ислеп шығарыў дәстүрге кирген.

Дөгерек сәўбетинде бажыхана уйымларының инттелектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыўды және де жетилистириў, мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм контрафакт өнимлерге қарсы нәтийжели гүрестеги орнына толық тоқтап өтилди.

Атап айтқанда, Президентимиздиң 2022-жыл 26-апрельдеги «Интеллектуаллық мүлк тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў тараўында бажыхана уйымларына да бир қатар ўазыйпалар жүкленген. Соның ишинде, сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постларында бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириў процесинде инттелектуаллық мүлк ҳуқықларының бузылғанлығы белгиси бар товарлар анықланғанда, бажыхана уйымлары тәрепинен ҳуқық ийесиниң «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасындағы жеке кабинетине усы жағдай ҳаққында бир жумыс күни даўамында электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланған хабар жибериледи. Хабар жиберилгеннен баслап бир жумыс күни даўамында ҳуқық ийелеринен тийисли түрдеги арза келип түскен жағдайда, олардың ҳуқықларын қорғаў бойынша нызамшылықта белгиленген тәртипте илажлар көриледи.

Бажыхана уйымлары ендигиден былай аймағына алып кирилетуғын ҳәм бажыхана қадағалаўы астында турған интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың бузғанлық белгилери бар товарларды шығарып таслаўды тоқтатып турыўы ҳәм тоқтатып турыў ҳаққындағы қарарды бийкарлаўы мүмкин.

Бул болса, бәринен бурын, Өзбекстанда саламат саўда орталығы қәлиплесиўине жәрдемлесип, инвестициялық орталықты және де жақсылаўға хызмет етеди, инновациялық технологияларды алып кириў ҳәм инвестицияларды тартыўда жәрдемши қурал ролин атқарады.

– Ҳәзирги ўақытта, Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен «Интеллектуаллық мүлк объектлериниң бажыхана реестри» онлайн электрон түрде алып барылмақта. Бул реестр Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтында жаңаланып келинбекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Интеллектуаллық мүлк объектлериниң бажыхана реестрине ҳәзирги күн жағдайына жәми 400 товар белгилери дизимнен өткерилген болып, олар бажыхана уйымлары тәрепинен ҳуқықый қорғаўға алынған болып есапланады. Интеллектуаллық мүлкке ҳуқық ийесиниң арзасына тийкарланып 2022-жыл даўамында жәми 7 жағдайда баҳасы 260,6 мың АҚШ долларына тең товарлардың бажыхана рәсмийлестириўи ўақтынша тоқтатылған. Бул реестрге кириў imo.customs.uz мәнзили арқалы әмелге асырылады.

Илажда сыртқы экономикалық жумыс пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине, әсиресе, товарлар импортын әмелге асырыўшы исбилерменлерге  контрафакт өнимлерге алданып қалмаў, сондай-ақ, контрафакт өнимлер ислеп шығарыў менен шуғылланыўшыларға нызамшылықта нәзерде тутылған жуўапкершиликлер бойынша берилген усыныслар ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер мәмлекетимизге тек ғана ҳақыйқый сапалы өнимлер кирип келиўине түртки болатуғынына исенемиз.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ.
Қарақалпақстан хабар агентлиги