Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2 март күни Баку қаласында болып өткен Қосылмаў ҳәрекети Қарым-қатнас топарының саммитинде шығып сөйлеген сөзи халқымызда айрықша қызығыўшылық оятпақта.
Күн тәртибине муўапық, COVID-19 коронавирус пандемиясы ақыбетлерин жеңип өтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеў, қоршаған орталықты қорғаў мәселелери ҳәм пандемиядан кейинги глобал тиклениў дәўиринде турақлы раўажланыўдың басқа әҳмийетли машқалалары додаланды.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўинде бул машқалалардың көлеми барған сайын кеңейип, олар тек ғана айырым мәмлекетлер емес, ал пүткил регионлардың қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўы ушын қәўип туўдырып атырғанлығын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан 2030-жылға шекем бағдарланған Сендай рамкалы бағдарламасының тийкарғы мақсетлерине ерисиў бойынша Глобал платформа жумысын буннан былай да күшейтиў тәрепдары екенлигин атап өтти. Усы сыяқлы айрықша жағдайлардың себеплерин терең үйрениў ҳәм ақыбетлерин нәтийжели сапластырыў мақсетинде Президентимиз Қосылмаў ҳәрекетиниң арнаўлы мониторинг ҳәм илимий изертлеў тармағын шөлкемлестириўди усыныс етти.
Мәмлекетимиз басшысы пандемиядан кейинги дәўирде геосиясий ҳәм идеологиялық қарама-қарсылықлар күшейип, олардың тәсиринде дүньяның түрли аймақларында жаңа тынышсызлық ошақлары пайда болып атырғанлығын атап өтти.
– Жақын Шығыс аймағы ҳәм Аўғанстанда узақ ўақыттан берли сақланып киятырған келиспеўшиликлердиң глобал шешими елеге шекем табылғаны жоқ, – деди Өзбекстан жетекшиси. Кейинги ўақытларда барлық мәмлекетлерде күшейип баратырған терроризм ҳәм экстремизм қәўпине қарсы Қосылмаў ҳәрекети шеңберинде әмелий байланысларды күшейтиў барған сайын әҳмийетли болып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Соны есапқа алып, Қосылмаў ҳәрекети терроризмниң ҳәр қандай көринисине қарсы гүрестиң халықаралық-ҳуқықый базасын беккемлеў бойынша ҳәрекетлерге жетекшилик етиўи кереклиги атап өтилди. Бул Ҳәрекетке ағза барлық мәмлекетлердиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўин және де жеделлестириўге хызмет етеди.
Өзбекстан жетекшиси бул машқалаларды халықаралық көлемде нәтийжели шешиў ҳәм системалы муўапықластырыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен структуралары, әлбетте, тийкарғы ролди атқарыўы лазымлығын көрсетип өтти.
Бирлескен Миллетлер Шөлкемин реформалаў процесинде Қәўипсизлик кеңеси қурамында Қосылмаў ҳәрекети ағзаларының турақлы орны болыўы кереклиги атап өтилди.
Президентимиз глобал күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли тема – даўам етип атырған экономикалық кризистиң тәсирлерин жумсартыў мәселесине итибар қаратты.
– Азық-аўқат өнимлери, суў ҳәм энергетика ресурсларына барған сайын талап күшейип атырғанлығы мәмлекетлеримиздиң социаллық-экономикалық системалары ушын сынаў болмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Тилекке қарсы, бундай қыйын шараятта ең үлкен салмақ ҳәм унамсыз тәсир, дәслеп, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мойнына түспекте.
Өз-ара әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, қоспа бағдарламалар ҳәм үлкен жойбарларды әмелге асырыў ушын кең экономикалық имканиятлардың есигин ашып бериў мақсетинде Қосылмаў ҳәрекети саммитлеринде Экономикалық форумларды үзликсиз түрде өткерип барыў усыныс етилди.
Бундай әҳмийетли илажлар инновациялар, заманагөй билим ҳәм алдыңғы технологиялар алмасыўын жеделлестириўге, улыўма алғанда, төртинши санаат революциясы, “ақыллы” экономиканы раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет етеди.
Қ.ЮСУПОВ
Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары .
Қарақалпақстан хабар агентлиги