Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилиси бүгин өз жумысын даўам еттирмекте.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Мәжилистиң кеше болып өткен биринши жумыс күнинде күн тәртибине киргизилген мәселелерден тийкарғы бөлеги додаланды. Сенаттың 2022-жылдағы жумысы ҳәм 2023-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды.

Көрилген басқа мәселелердиң барлығы нызамлар менен байланыслы болып, олардың барлығы сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенат жалпы мәжилисиниң екинши жумыс күнинде жаңадан киргизилген «Энергия ресурсларынан нызамға қайшы түрде пайдаланғаны ушын жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланады.

Буннан тысқары, мәжилисте Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайы директорының Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелериниң орынланыў жағдайы бойынша мәлимлемеси тыңланады.

Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелер ҳаққында оператив ҳәм толық ӨзА сайтында таныстырып барамыз.

Н.Абдураимова,

ӨзА