Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм  биотехнологиялар университети Нөкис филиалында өзбек халқының уллы шайырлары Зульфия Исраилованың 108 жыллығы ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы  Абдулла Ариповтың  туўылғанының 82 жыллығы мүнәсибети менен “Пәк кеўил жыршылары” атамасында әдебий-көркем кеше болып өтти.

Атап өтилгениндей, үлкемизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен белгили шайыр Зульфия Исраилованың туўылған күнин кең түрде белгилеў дәстүрге айланбақта. Филиалдың Мәлимлеме-ресурс орайының басламасы менен шөлкемлестирилген илажда сөзге шыққанлар, уллы шайырлардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилигине тоқтап өтти.

Поэзия сондай қүдиретли күш, оның ықласбентлери әжайып бир дүньяның  нурынан кеўиллери толыўы менен бирге шын мәнисиндеги жоқары инсаныйлық сезимлер оянады. Зульфияханым ҳәм Абдулла Ариповтың  өлмес шығармалары жасларды Ўатанға сүйипеншилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе. Олардың ибратлы өмир ҳәм дөретиўшилик жолы, уллы инсаныйлық пазыйлетлери ҳәр биримизге үлги бола алады.

Илаж студент-жаслар тәрепинен сахналастырылған шығыўлар менен даўам етти. Атап айтқанда, шайырлардың сайланды қосықлары, шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер  атқарылды.

Әдебий-көркем кешеге белсене қатнасқанлар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги