Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының үлкен мәжилислер залында Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша Республикалық комиссияның гезектеги кеңейтилген видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилиске Федерацияның Қарақалпақстан Кеңесиндеги аймақлық студиясынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары Қ.Қирғизалиев, Федерацияның Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, қала ҳәм районлардағы секторлардың басшылары, қәнигелери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, жуўапкер қәнигелер қатнасты.

Мәжилисти Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов алып барды.

Мәжилисте «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 4-басқышына киргизилетуғын ҳаял-қызлардың дизимин қәлиплестириў жумысларының жуўмағы ҳәм алдағы режелер додаланды.

Атап өтилгениндей,  «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң өткен үш басқышы даўамында бир ярым миллионнан аслам ҳаял-қызларға ҳәр қыйлы жәрдемлер көрсетилген. Усы илажлар ушын 3 триллион сумнан аслам қаржы жумсалған. Нәтийжеде, олардың турақ жайлы болыўы, бәнтлигиниң тәмийинлениўи, кәсип үйрениўи, денсаўлығының тиклениўи ҳәм басқа да турмыслық және социаллық машқалалары үйренилип, оларға шешим табылды.  Ал, «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 4-басқышында бир миллионға шамалас ҳаял-қызларға усындай жәрдем көрсетилиўи режелестирилмекте.

Әлбетте, бул ийгиликли иске жуўапкер шөлкемлердиң ҳәммеси аўызбиршиликли түрде бирдей бас қосып, белсендилик көрсетип ҳәрекет етсе, және көплеген шаңарақлардың машқалалары шешилип, халқымыздың абаданлығы және де артады.

– Қарақалпақстан Республикасында 2020-2022-жыллар даўамында «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы арқалы 82 мыңнан аслам ҳаял-қызға әмелий жәрдемлер көрсетилди,-дейди Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының мәсләҳәтшиси Н.Алиев. – Быйыл да ҳаял-қызлардың машқалалары мәҳәлле кесиминде үйренип шығылды.

Жасы 30 дан асқан 440 мыңнан аслам ҳаял-қыз бенен анкета-сораўнамалар өткерилди. Оның нәтийжелерине муўапық, 55021 (12,5%) ҳаял-қыз 6 категория бойынша «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилди.

Соннан 27 мыңнан асламы (49,5%) социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар есапланады. Сол себепли усы мәселелерге айрықша итибар қаратылып, күн тәртибинде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айырықша тапсырмалар белгилеп алынды.



Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли шешим қабыл етилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги