Республикамызда қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиздиң басшылығында 2022-жылдың 10-июнь күни өткерилген қайта тиклениўши энергиядан пайдаланыўды кеңейтиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип, барлық министрлик ҳәм мәкемелер, ҳәкимликлер, мәҳәлле имаратлары ҳәм оқыў орынларын қайта тиклениўши энергияға өткериў зәрүрлиги атап өтилген еди.
Ҳәзирги ўақытта бир қатар кәрхана ҳәм шөлкемлердиң имаратларында қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыўшы қолайлы ҳәм сапалы болған қуяш панеллери орнатылып, электр энергиясының үнемлениўине ерисилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жылдың декабрь айында филиалға ҳәр бириниң қуўатлылығы 13 кВТ болған қуяш панеллери орнатылды. Қуяш фотоэлектрик станциясын орнатыў жумыслары «Aqua-Big» кәрханасы тәрепинен 143 миллион сум қаржы есабынан әмелге асырылды. Сондай-ақ, филиал әтирапына дерлик 4 миллион сумлық 10 дана қуяш панелли сыртқы жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Филиалдың коридорларына болса, ҳәрекетке сезиўшең сенсорлар орнатылған болып, ҳәрекет тоқтағанда шырақлар өз-өзинен өшеди. Усындай үскенелердиң арқасында филиалда бир жылда 34 процент электр энергиясының үнемлениўине ерисилмекте. Бул республикамызда қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиўге әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қаралып атырғанынан дәрек береди.
– Алдынлары филиалымызда жылына 76 мың кВТ cаат электр энергиясынан пайдаланылған болса, енди қуяш электр панеллериниң орнатылыўы менен жылына 26 мың кВТ саат электр энергиясы үнемлениўине ерисилмекте, -дейди филиалдың хожалық ислери басқармасы баслығы Сапарбай Акназаров.
Кейинги басқышта филиалдың оқыў имаратына 12 кВТлы қуяш фотоэлектрик станцияларын орнатыў режелестирилген. 2023-жылы филиалдың 400 орынлық студентлер турақ жайын қурыў нәзерде тутылған болып, оның смета жойбарына қуяш суў ысытыў қурылмалары ҳәм қуяш фотоэлектрик станцияларын орнатыў киргизилсе, филиалдың өз талаплары ушын сарыпланатуғын электр энергиясын анағурлым үнемлеўге ерисиледи.
Усы жылы оқыў имаратының аймағына және 20 қуяш панелли сыртқы жақтыландырыў шырақларын орнатыў жумыслары алып барылады.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы