Бәршемизге белгили, бүгинги күнде мийнет ҳақысынан дәрамат салығы дифференцияланған шкала бойынша өндириледи. Бул әлбетте, раўажланған мәмлекетлердиң тәжрийбесинен келип шыққан ҳалда қабыл етилген.
Дәрамат салығының усланыў тәртибин ҳәмме де биле бермеўи мүмкин, қәниге сыпатында түсиник беремен:
Ең кем мийнет ҳақының 5 есесине шекем болған муғдардан 7,5 %, 5 еседен 10 есеге шекем болған муғдардан 16,5 %, 10 еседен артқан бөлегинен 22,5 %. Буннан тысқары, Пенсия қорына 8,0 %, кәсиплик аўқамлар қорына 1% услап қалынады. Жәми 31,5 % усланады.
Бул мийнет ҳақының азы-кем үштен бир бөлеги.
Әййемги ўақытларда ханлықлар, әмирликлер, патшалықлар ҳәр қайсы дәўирлерде де халықтан салықлар, төлемлер жыйнаған. Бул қаржылар сол мәмлекеттиң армиясын, елде қаржылық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет еткен.
Тарийхый дәреклерде келтирилиўинше, мәмлекети бай, раўажланған, турмыс жағдайы абадан мәмлекетлерде салықлар халықтың тапқан дәраматының оннан бир бөлеги муғдарында белгиленген. Яғный, дийқанлар бир тонна бийдай жетистирген болса, мәмлекетке жүз килограмм бийдай тапсырған. Ели, халқы жарлылаў мәмлекетлерде халықтың тапқан дәраматынан төрттен бир бөлегин мәмлекетке салық сыпатында тапсырған. Демек, ең кем салық 10 %, ең жоқарысы болса 25% ти қураған.
Шет ел тәжрийбесине нәзер тасласақ, Францияда бес жүз евро муғдарына шекем алған дәраматларынан салық усланбайды. Артқан бөлегинен 5%тен баслап салық алынады. Россия ҳәм Белоруссияда 13% (12% дәрамат салығы, 1% пенсия қорына) салық өндириледи.
Қытайда 5%тен баслап салық өндириледи. Эстонияда салық алынбайтуғын муғдар айына 500 евроны (жылына 6000 евро) қурайды.
Болгарияда 10% дәрамат салығы өндириледи.
Қазақстанда 10%тен 20%ке шекем дәрамат салығы алынады.
Экономикада ең кем мийнет ҳақы дегенде бир шаңарақ (көплеген мәмлекетлерде 4 адам)тың жасаўы, талапларын толық қандырыўы және де жыйнаўы ушын жетерли болған муғдар түсиниледи. Бизде бул муғдар 172240 сумды қурайды. Яғный, сонша муғдарда дәрамат таўып атырған инсаннан салық усланбайды. Демек, биз усы муғдардан барлық талапларымызды қандырыўымыз керек. Дифференцияланған салықтың мәниси сонда, егер биз өзимизге ҳәм шаңарағымызға жетерли болған муғдардан 10 есе артық дәрамат таўып атырған болсақ, жоқары ставкаларда салық төлеўимиз керек болады.
Мениң усынысым:
Мийнет ҳақыдан дәрамат салығын 9%, пенсия қорына 1% жәми 10% усланбаны қоллаў мақсетке муўапық болар еди.
Сиз не дейсиз? Усыныс ҳәм пикирлериңизди күтемиз.
Ҳамза Сариев, экономист