Өзбекстан Республикасы, Ташкент қаласы

2018-жыл 26-27-март

 

Кирисиў

 

Биз, Ташкент конференциясы қатнасыўшылары:

1) Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизлик орнатылыўы регионда турақлылықты ҳәм абаданлықты тәмиийинлеў және көп жыллық зорлық ҳәм аўған халқының азап-шегиўлерине шек қойыўда салмақлы әҳмийетке ийе екенин тастыйықлаймыз. Сонлықтан, биз Аўғанстан басшылары ҳәм усы елдеги халықтың ис-ҳәрекетлери менен терроризм ҳәм наркотик затлар контрабандасына қарсы гүресиў тараўындағы өз-ара тығыз регионаллық бирге ислесиў арқалы әмелге асырылатуғын сиясий тәртипке салыў, сондай-ақ, регионаллық экономикалық бирге ислесиў ҳәм шериклик Аўғанстан ҳәм пүткил регионда тынышлықты және абаданлықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин тән аламыз;

2) Биз БМШ Бас Ассамблеясы ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң, соның ишинде, 2018-жыл 19-январь күни Нью-Йорк  қаласында болып өткен БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан бойынша мәжилисинен соң Аўғанстан ҳәм Орайлық Азия арасында қәлиплестирилген жаңа шерикликке байланыслы резолюцияларын ҳәм қарарларын қоллап-қуўатлаймыз;

3) Аўғанстанның суверенитетин, ғәрезсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, сондай-ақ, миллий бирлигин, Аўғанстан халқы менен ҳүкиметиниң өз елинде тынышлығын, турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлерин ҳүрмет етемиз;

4) Аўғанстан басшылары ҳәм усы елдеги халықтың өз ҳәрекетлери менен Аўғанстанда тынышлықты ҳәм турақлылықты қоллап-қуўатлаў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық басламалар, соның ишинде, Аўғанстан ҳүкимети басшылығындағы Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеў ҳәм зорлыққа шек қойыў бойынша ҳәрекетлерине басшылық етиўге қаратлған бас форум және қурал сыпатында Қабул процесиниң зәрүрлигин тән аламыз;

5) Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстанда тынышлық орнатыў процеси ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўды кеңейтиўге қаратылған ҳәрекетлерин, олардың региондағы сиясий ҳәм экономикалық процесслердеги қатнасын қоллап-қуўатлаймыз;

6) Аўғанстан басшылары ҳәм усы ел халқының өз ҳәрекетлери менен тынышлық ҳәм жарасыў процесин қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында Аўғанстан бойынша «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Ташкент конференциясының үлкен әҳмийетин айрықша атап өтемиз.

Тынышлық ҳәм жарасыў

7) Миллий Тилеклеслик ҳүкиметтиң талиблер менен кең көлемли тынышлық келисимине ерисиў бойынша нәтийжели мақсет жолында алдын ала ҳеш қандай шәрт қоймаў тийкарында «Талибан» менен тиккелей сөйлесиўлер өткериўди баслаў ҳаққындағы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланып атырған усынысын қатаң қоллап-қуўатлайтуғынымызды атап өтемиз және «Талибан»ды Аўғанстан басшылары ҳәм усы елдеги халықтың өз ҳәрекетлери менен ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң тийисли резолюцияларына муўапық әмелге асырыл атырған тынышлық орнатыў процесине байланыслы бул усынысты қабыл етиўге шақырамыз;

8) Талиблер менен қатнасықларды сиясий жол менен шешиў Аўғанстанда зорлыққа шек қойыўдың ең мақул жолы екени, сондай-ақ, Аўғанстан ҳүкимети ҳәм «Талибан»ның жарастырыўшы ўәкиллери арасында алдын ала  ҳеш қандай шәрт қоймай тиккелей тынышлық сөйлесиўлерин өткериў зәрүрлиги бар екенин атап өтемиз;

9) Аўғанстан ҳүкиметиниң «Талибан» менен тиккелей сөйлесиўлерин баслаў бойынша ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынымызды тастыйықлаймыз және Қабул процесин Аўғанстан бойынша басқа да регионаллық ҳәм халықаралық тынышлықты сүйетуғын басламалар менен бир қатарда бас форум ҳәм қурал сыпатында тән аламыз;

10) Талибанларды аўған халқының азап шегиўлерине шек қойыў ушын Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизлик орнатыўда олардың да жуўапкершилиги бар екенин тән алыўға және өз-ара келисилген форматты иске қосқан ҳалда және халықаралық жәмийетшиликтиң толық қоллап-қуўатлаўы арқалы Аўғанстан ҳүкимети менен тиккелей тынышлық сөйлесиўлерине кирисиўге таяр екенлигин рәсмий түрде жәриялаўға шақырамыз;

11) Аўғанстан ҳүкиметин ҳәм «Талибан» ды сиясий сөйлесиўлерге кирисиўге шақырамыз. Кең көлемли тынышлық келисиминен ҳәмме жеңеди, ҳеш ким жеңилмейди. Бул келисим «Талибан»ның сиясий процесске лигитинг сиясий қатнасыўшысы сыпатында қосылыўын, «Талибан»ның зорлықтан ўаз кешиўин және терроршылық топарлары ҳәм халықаралық терроризм, соның ишинде, «Ал-Қоида», ИШИМ ҳәм басқа да трансмиллий терроршылық тармақлары (ТТТ) менен байланысларды үзиўин, сондай-ақ, Аўғанстан Конституциясы, соның ишинде, барлық аўғанлардың тең ҳуқықлары ҳүрмет етилиўин кепилликке алыўы лазым;

12) Ҳаял-қызлардың аўған жарасыўы процесине, қәўипсизлик, жәмийет ҳәм экономикадағы толық ҳәм салмақлы қатнасыўының үлкен әҳмийетин айрықша атап өтемиз және ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге қаратылған халықаралық ҳәрекетлерди консерватив түрде қоллап-қуўатлайтуғынымызды атап өтемиз, сондай-ақ, Аўғанстанның ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизликке байланыслы ҳәрекетлер Миллий режесин әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаўдың тәрепдары болып қаламыз;

13) Аўғанстан ҳүкиметин нәтийжели хошаметлеў жолы менен тынышлық сөйлесиўлерин баслаў ҳәм алға қойыў ушын және тынышлық процесине қосылыўдан бас тартып және зорлық, қан төгиў ҳәм жаўызлық ҳәрекетлерин даўам еттирип, трансмиллий терроршылық тармақларына жәрдемлесип атырған рейимсиз элементлерге қарсы зәрүр илажлар менен гүресиў ушын шараятлар жаратыўда қоллап-қуўатлаймыз;

14) Барлық еллерди Аўғанстан қәўипсизлигин, турақлылығын ҳәм абаданлығын тәмийинлеў ушын оның суверенитетин ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳүрмет етиўге, оның ишки жумысларына араласпаўға шақырамыз;

15) Басқа еллерге терроршылық пенен қәўип туўдырмайтуғын және өзиниң аймағында қәўипсиз орталықты жаратыўда өз күшине толық сүйене алатуғын тыныш Аўғанстанды қоллап-қуўатлайтуғынымызды атап өтемиз.

Терроризм ҳәм наркотиклердиң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў

16) Аўғанстан халқына қарсы жақында жүз берген рейимсиз жаўызлықларды қаралаймыз және оның менен беккем тилеклеслигимизди билдиремиз, терроризмниң түрлерин ҳәм көринислерин ажыратпай олардың барлығын қаралаймыз, трансмиллий терроризм, наркотиклердиң нызамсыз айланысы ҳәм шөлкемлескен жынаятшылық арасындағы байланыстан Аўғанстан, регионның ҳәм пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң қәўипсизлигине ҳәм турақлылығына үлкен және улыўма қәўиплер бар екенин тән аламыз;

17) БМШтың Глобаллық терроризмге қарсы стратегиясы ҳәм БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң тийисли резолюцияларына муўапық барлық түрдеги ҳәм көринислердеги терроризмге шек қойыў бойынша әмелий регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң зәрүрлигин атап өтемиз;

18) Аўғанстан ҳүкиметиниң терроризмди қаржыландырыўдың тийкарғы дәреги болған наркотиклер, прекурсорлар ислеп шығарыў ҳәм олардың нызамсыз айланысына, қурал-жарақ контрабандасына қарсы гүресиў мақсетинде регионаллық ҳәм халықаралық шериклер менен биргеликте белсенди әмелий ҳәрекетлериниң зәрүрлигин атап өтемиз;

19) Терроризм, наркотиклердиң нызамсыз айланысы ҳәм шөлкемлескен жынаятшылық өз-ара байланыслы глобаллық қәўип екени және БМШтың Глобал антитерроршылық стратегиясына тийкарланған бирден-бир стратегияны ислеп шығыўды талап етип атырғанын тән аламыз.

20) Аўғанстанға қәўипсизлик тараўындағы жәрдем Аўғанстан ҳүкимети арқалы берилиўи зәрүрлигин тастыйықлаймыз және Аўғанстанды турақсызландырыўға ҳәм жәнжелди созыўға алып келетуғын «Талибан» ҳәм ИШИМке ҳәр қандай қаржылай, материаллық жәрдем ямаса қурал-жарақ берилиўине қатаң қарсымыз.

Регионаллық экономикалық бирге ислесиў

21) Регионда экономикалық бирге ислесиў бағдарында ҳәм Аўғанстанды Орайлық Азияны Қубла Корея ҳәм басқа да регионлар менен байланыстыратуғын тәбийғый көпир сыпатында тән алып, транспорт-коммуникация жойбарларын әмелге асырыўда соңғы ўақытларда ерисилген жетискенликлерди қоллап-қуўатлаймыз. Аўғанстанның регионға экономикалық интеграциясы келешекте усы елде ҳәм пүтикл регионда тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди;

22) Аўғанстанды оның жақын қоңсылары ҳәм регион менен байланыстыратуғын саўда-транзит, транспорт, энергетика, инфраструктура ҳәм коммуникация тараўларындағы регионаллық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў пүткил регион халқына сезилерли пайда келтириўи, күн кешириўи ушын зәрүр қаржыларды жақсылаўы, тынышлыққа көмеклесиў және терроризмге ҳәм нызамсыз ҳәрекетлерге қарсы гүресиў бағдарында көрилип атырған ис-ҳәрекетлерди беккемлейтуғынын атап өтемиз;

23) Бурынғы басламалардың даўамы сыпатында шөлкемлестирилген Аўғанстан бойынша «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы Ташкент конференциясы Аўғанстанда тынышлық орнатыў процеси, терроризм ҳәм наркотиклердиң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, регионда экономикалық бирге ислесиўге байланыслы кең шеңбердеги мәселелер бойынша ашық-айдын ҳәм ҳәр тәреплеме сөйлесиўлер ушын бийбаҳа имканият бергенин және өз-ара мақул қарарлар ислеп шығыўға хошаметлегенин тән аламыз;

24) Өзбекстан ҳүкиметине дәстүрий миймандослық ҳәм Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги бул конференция жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, тынышлық, қәўипсизлик ҳәм регионаллық шерикшилик мәселелери бойынша кең және беккем регионаллық ҳәм халықаралық консенсусты қәлиплестириўге қаратылған қатаң ис-ҳәрекетлери ушын терең миннетдаршылық билдиремиз.

Бул декларация Өзбекстан Республикасының Ташкент қаласында Аўғанстан, Қытай, Франция, Германия, Ҳиндстан, Иран, Италия, Япония, Қазақстан, Қырғызстан,  Пакистан, Қатар, Россия, Сауд Арабстаны, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан, БАӘ, Уллы Британия, АҚШ, Өзбекстан, ЕА ҳәм БМШ тәрепинен қабыл етилди.