Шымбай районлық мәденият бөлиминде  27-мартхалықаралық театрлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәўескер халық театр жәмәәтлери драма ҳәм  қуўыршақ театрларының және 1-апрелькүлки күни мүнәсибети менен Жақсымбай Бекмуратов ҳәм Шамурат Өтемуратовлардың жарқын естелигине арнап «Хош кейпият» атамасындағы   республикалық лапгөйлер ҳәм қызықшылар  таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған бул таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 16 жәмәәт қатнасты.

Таңлаўда тәжирийбели төрешилер тәрепинен өзиниң тәсиршеңлиги, айрықшалығы менен көзге тасланған спектакьлер жеңимпаз деп табылды. Атап айтқанда, Шымбай районы халық театры тәрепинен сахнаға қойылған Б.Айтмуратовтың «Балалық», М.Бегимовтың «Ырзаласқан адамлар» спектакльлери биринши, Тахтакөпир районы халық театрының Д.Сейтназаровтың «Лепесбай» спектакли екинши, Төрткүл районы халық театры тәрепинен сахналастырылған Ҳ.Хожаниязовтың «Алданған қыз» спектакли үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районы халық театрлары жәмәәти белсенди қатнасқаны ушын «Ҳүрмет жарлық» пенен сыйлықланды.

Халқымыздың қызығып тамашалайтуғын лапгөйлик ҳәм қызықшылық, миниатюра көркем өнерин еле де кеңнен ен жайдырыў, раўажландырыў, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди келешек әўладқа жеткерип бериў мақсетинде шөлкемлестирилген «Хош кейпият» лапгөй ҳәм қызықшылардың беллесиўи ҳақыйқый талантлылырдың сахнада өз өнерлерин көрсетип беретуғын таңлаўы болды.

Таңлаўда қатнасыўшылар қызықлы ўақыяларды, қысқа интермедияларды ҳәм сахналық көринислерди өзлериниң актёрлық шеберлиги менен тамашагөйлер нәзерине усынып, олардың  алғысына миясар болды. Олардан тахтакөпирли қызықшылар Б.Султанов, Ш.Ембергенов, Ж.Бердимуратовлар биринши, лапгөйлиги менен көзге түскен шымбайлы қызықшылар Р.Қудайбергенов, Е.Алланазаровлар екинши, хожелиши қызықшы С.Сатуллаев үшинши орын жеңимпазлары болды.

Шоманай ҳәм Кегейли районының қызықшылары «Ҳүрмет жарлық» пенен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз’ қос таңлаўдың биринши орын жеңимпазлары 5-6-апрель күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилетуғын басқышқа қатнасыў имканиятына ийе болып, жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары ҳәм диплом менен сыйлықланды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы