Пайтахтымыздағы «Түркстан» көркем өнер сарайында «Ўатан одасы» атамасында әдебий-ағартыўшылық кеше болып өтти.

Мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты басқышпа-басқыш әмелге асырыў, ержетип атырған әўладтың сана-сезимин дурыс қәлиплестириў, жаслардың билим алыўы, кәсип ийелеўи ушын кеңнен имканиятлар жаратыў мәселесине тийкарғы итибар қаратылмақта. «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталған быйылғы жылда бул бағдардағы ўазыйпаларды заман менен тең қәдем таслап шөлкемлестириў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Кешеде Ўатанды улығлаўшы қосық-намалар, белгили шайырлардың қосықлары жаңлады. Мәмлекетимиздеги тыныш ҳәм парахат, қәўип-қәтерден жырақ өмир, социаллық турақлылық, аўызбиршилик, молшылық ҳәм абаданлық, өз-ара мийрим-шәпәәт орталығы жоқары қәдирият екени айқын ҳәм тәкирарланбас музыкалы бағдарлама арқалы және бир мәрте өз көринисин тапты.

Бүгинги қыйын глобалласыў дәўиринде жасларды ҳәр қыйлы жат ҳәм зыянлы, бузғыншы идеялардан исенимли қорғаў, олардың кеўлинде ўатансүйиўшилик, өзи туўылып өскен елдиң келешеги ушын жуўапкершилик сезимлерин беккем енгизиў буннан былай ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болмақта.

Елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлықты, аўызбиршиликти көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў әскерий тараў ўәкиллери емес, ал барлық ўатанласларымыз, әсиресе, жаслардың муқаддес миннети екени рең бәрең музыкалы шығыўлар арқалы сәўлеленди.

Әдебий-ағартыўшылық кешеде Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов қатнасты.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы