«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте республика көлеминде бир неше жылдан берли «Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни» бийпул акциясын өткерип келмекте.
Акция шеңберинде нотариуслар тәрепинен халыққа бийпул мәсләҳәтлер бериледи.
Нөкис қаласы Fәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилериниң қатнасыўында усы акция шеңберинде «Мийрас ҳәм мийрас ҳуқықы» атамасында бийпул ҳуқықый акция өткерилди.
Акцияның мақсети – пуқаралардың ҳуқықый сана-сезимин, мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара қатнасықлардың механизмлерин жаратыў, ҳуқықты қолланыў саласында әмелдеги машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.
Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы З.Яқыпов, нотариус қәнигелери Айнур Айтниязова ҳәм Мансур Нураддиновлар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, оларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Акция шеңберинде пуқараларға нотариал хызметлери ҳәм басқа мәселелер бойынша да ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, бийпул юридикалық жәрдемлер көрсетилди.
Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги