Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Мақсет аймақларды абат етиў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы түрде шешиў болып есапланады.
Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы бойынша ишки жолларды оңлаў, ишимлик ҳәм ақаба суў, электр энергиясы, газ тәмийнаты, улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, спорт ҳәм басқа да объектлерге байланыслы жәми 252 мәҳәлледеги 259 объектте 293,7 миллиард сумлық қурылыс оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленген.
Усындай жумыслардың орынланыў барысы Шоманай районында да даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта райондағы Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынында ишки жолларға қум шағыл тас араласпасын төсеў, оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
– Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Саяхат көшесиниң 110 метрлик аралығы бетон жолға киргизилген,-дейди МПЖ баслығы Р.Халмуратов. – Ҳәзирги ўақытта усы кәрхана тәрепинен топырақ көтермеси исленип қум шағыл тас араласпасы төселмекте. Салынатуғын жол бетон қуйыўға таярланбақта.
Жумыслардың барысынан аймақ турғынлары қуўанышлы. Оларда абаданластырыў жумысларына қатнасып, өзлериниң үлесин қосыўға ҳәрекет етпекте.
Ишки жолларды оңлаўдан басқа, режеде ишимлик суў, электр энергиясы, газ тәмийнаты ҳәм басқа да объектлер менен байланыслы жумыслар да бар. Бул жумыслар да өз гезеги менен даўам етеди. Режедеги жумыслар толық әмелге асса мәҳәллемиз көркейип, абаданласып, халықтың турмыс дәрежеси артады, деп исенемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги