«Китап билим булағы-ақыл оның шырағы,»-дегениндей жәмийетимиздиң алға қарай раўажланыўын китапсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Сонлықтан елимизде халқымыз арасында перзентлерин кишкене ўақытларынан баслап-ақ, китап оқыўға қызықтырып келген. Себеби, илим-билим кәни есапланған китаплар балаларымыздың ҳәр тәреплеме жетик ҳәм кәмил инсанлар болып жетилисиўинде әҳмийетли орын тутады.

1968-жылы 136 китап пенен жумыс баслаған Нөкис районлық орайласқан китапханасы  жыллар өтиўи менен өзиниң китап фондын байытып, өз оқыўшыларының дийдинен шығыў ушын заман менен тең қәдем атыўға ҳәрекет етип келмекте. Нәтийжеде ҳәзирги күнге келип китапханада 22 мың 522 атамадағы 77 мың 177 китап сақланып, олар халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятыр.

Және бир айта кететуғын итибарлы нәрселердиң бири,  өткен жылы Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен китапхана ушын көплеген қолайлы имканиятларға ийе еки қабатлы заманагөй китапхананың салынып, халық ийгилиги ушын тапсырылыўы болды.

-Самарқандлы қәўендерлер тәрепинен китапхананың салып берилиўи нәтийжесинде, бизлер өз имаратымызға ийе болдық,-дейди бизге китапхананың мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм есаплаў хызмети баслығы Ерполат Салимов.-Бүгинги күни китапханамыз 13 мыңға шамалас өз оқыўшыларына ийе. Оқыўшыларға еле де қолайлылық жаратыў мақсетинде 10 мың 389 атамадағы китаплардың электрон нусқаларын жараттық. Сондай-ақ, өткен жылы Ашық бюджет таңлаўына қатнасып, оннан 450 млн сум қаржы утып алдық ҳәм оған 1200 атамадағы 4200 жаңа китаплар, 10 заманагөй комьпютер, видеокамера, видеопроектор, сканер, телевизор, 9 китап стеллажы ҳәм басқа да китапхана ушын зәрүрли мебеллерди сатып алдық. Китап оқыўшылары менен тығыз бирге ислесиў мақсетинде, районның алыс аўыл-аймақларында көшпели китапханалар шөлкемлестирип киятырмыз. Алып барылып атырған усындай жумыслардың нәтийжеси шығар,  соңғы ўақытлары китапханамызға келиўшилердиң саны жылдан-жылдан артпақта. Несип етсе быйылғы жылы да Ашық бюджет таңлаўына қатнасып, халықтың қоллап-қуўатлаўы менен китапхана фондын  ҳәр қыйлы заманагөй әдебиятлар менен байытып барыўға ҳәрекет етемиз.





Ҳақыйқатында,  район орайында саўлат төгип турған бул жаңа зия орайы дерлик ҳәр күни китап оқыўшылары менен толы. Ондағы китаплар оқыўшылардың билимин ҳәм ой-өрисин өсирип, олардың жәмийетимиз ушын керекли қәнигелер болып жетилисиўинде бийминнет хызмет етип келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы