Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сыртқы юриспруденция тәлим бағдарының студентлери менен дөгерек сәўбетлесиўи өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судьясы С.Давлетмуратов, судья аға жәрдемшиси А.Абдрасулиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, суд системасы, оның ўазыйпалары, судьяларға қойылатуғын талаплар, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар, судлардағы мәлимлеме-коммуникация жетискенликлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Илажда ислерди видеоконференц байланыс тәризинде өткериў, суд қарарлары көширмелерин электрон тәризде интернет арқалы алыў, суд мәжилислерине аралықтан турып қатнасыў, мәкемелер менен интеграция имканиятлары туўралы түсиниклер берилди. Сондай-ақ, судларда кадрлар менен ислесиў, қадрлар резервин кәлиплестириў, суд уйымына жумысқа кириў тәртиби ҳәм талаплары ҳаққында кең түрде айтып өтилди.
Соң студентлер суд имаратындағы мәлимлеме-коммуникация үскенелери, суд мәжилиси заллары менен таныстырылды.
– Студентлердиң билимлери ҳәм көнликпелери усындай ушырасыўларда ҳәм әмелий илажларда беккемленип барылады. Ушырасыў даўамында студентлер көплеген мағлыўматларға ийе болды,-дейди юриспруденция тәлим бағдары оқытыўшысы Ф.Бердибаев.
Студентлер ашық суд мәжилислерине қатнастырылып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги