Бүгин, 21-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмаларына тийкарланып Сирия Араб Республикасының жер силкиниўден жәбирленген халқы ушын гуманитарлық жәрдем жиберилди.
Дерлик 50 тоннаға шамалас жиберилип атырған гуманитарлық жәрдем жүгиниң дизимине балалар ҳәм үлкен жастағылар ушын кийимлер, турмыслық техника қураллары, шыдамлы азық-аўқат консервалары, кептирилген мийўелер, ярым таяр аўқатлар, нәрестелер ботқасы, одёл ҳәм көпшиклер, гигиеналық қураллар топламы сыяқлы турмыслық қурал ҳәм өнимлер киргизилген.
Гуманитарлық жүк жәрдеми көринисиндеги турмыслық зәрүр қурал ҳәм өнимлерди самолёт арқалы Өзбекстаннан Сирияға Айрықша жағдайлар, Транспорт министрликлериниң жуўапкер хызметкерлери жеткерип береди.
ӨзА