Ақмаңғыт посёлкалық пуқаралар жыйыны Нөкис районындағы ең халық тығыз жайласқан елат болып, бүгинги күни аймақта жети мыңға шамалас халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте.
Соңғы жыллары елимизде исбилерменлерге жаратылған көплеген қолайлы имканиятлардың нәтийжесинде аймақта бир қанша өндирис кәрханалары, саўда орайлары иске түсип, халықтың бәнтлиги тәмийинленбекте ҳәм сол арқалы олардың дәраматларын артпақта.
-Жыйын аймағында 240 исбилерменлик субъектлери жайласқан,- дейди бизге ҳәким жәрдемшиси Халбай Өтегенов. – Өткен жылдың өзинде 85 пуқараға коммерциялық банклерден 2 млрд 98 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер алып берилди ҳәм аймақта тигиўшилик цехлары, темиршилик устаханалары, автомобильллерге хызмет көрсетиў орынлары, ыссыханалар ашылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекетлик субсидия тийкарында 5 ҳаял-қызға заманагөй тигиў машиналары, 26 ҳаял-қызға жеңилликли кредитлер алып берилип, 45 си кәсипке қайта оқытылды.
Жадырахан Тәжимуратова да усындай жеңилликлерден пайдаланып киятырған пуқаралардың бири.
-Кишкене гезлеримнен баслап-ақ, техникаға қызығаман,-дейди ол.-Үйде жигит ағаларымнан автомобиль ҳәм мотоцикл басқарып үйрендим. Мине, сол үйренгенлеримниң бүгин пайдасы тиймекте. Коммерциялық банклердиң жеңилликли кредити нәтийжесинде, электр энергиясы менен күшленетуғын жүк тасыйтуғын мотоцикл сатып алдым ҳәм ҳәзирги күнлери аймақ халқына транспорт хызметин көрсетип атырман. Табысым жаман емес. Болмады дегенде күнине 100-150 мың сум дәрамат таўып бала-шаға бағып атырмыз.
Шынында да бүгинги күни елимизде истиң көзин билетуғын инсанлар ушын көплеген қолайлы имканиятлар жаратылып берилген. Буннан нәтийжели пайдаланыў болса ҳәр кимниң өз қолында.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы