Усы жылдың 9-февраль 1-март күнлери аралығында Қарақалпақстан Медицина институтының клиникасында «Балаларға итибар» акциясы өткерилмекте.
Акция шеңберинде Ташкенттеги Республикалық Балалар миллий медицина орайының ҳәм клиниканың тәжирийбели қәнигелери мыңнан аслам бес жасқа шекемги балаларды медициналық тексериўден өткереди.
Мақсет – өз ўақтында кеселликлерди анықлаў ҳәм олардың келип шығыўының алдын алыў болып табылады. Акция шеңберинде ҳәр күни 100 ден 250 ге шекем балалар медициналық тексериўден өткерилмекте.
Қарақалпақстан Медицина институтының клиникасы илимий-изертлеў орайы сыпатында да жумыс алып бармақта. Институттың студентлери, магистрантлары, клиникалық ординаторлары, докторантлары бул акцияда белсене қатнаспақта.
Сондай-ақ, Республикалық қәнигелестирилген Травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медициналық орайының шыпакерлери жергиликли қәнигелер, болажақ шыпакерлер менен тәжирийбе алмасты. Олар 40 тан аслам балаларға жоқары технологиялар жәрдеминде операциялар иследи. Акция даўамында басқышпа-басқыш басқа да операциялар ислениўи режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги