Усы жылдың 10-февраль сәнесинен 10-мартына шекем Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Нотариал палатасы тәрепинен «Мийрасхорлық акциясы» өткерилмекте. Акция шеңберинде мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәҳәллелерде мәнзилли ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажлары, орынларда ўәсиятларды тастыйықлаў ҳәм басқа да нотариал ҳәрекетлер көшпели түрде әмелге асырылмақта. 

Акцияны өткериўден мақсет – шаңарақларда мийрасқа байланыслы келиспеўшиликлердиң алдын алыў, сондай-ақ, пуқаралардың мүлкке болған ҳуқықларын тәмийинлеў, олардың бул бағдардағы ҳуқықый билимлерин және де арттырыў болып табылады.

Усындай илаж Елликқала районы әдиллик бөлими тәрепинен Абай мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары ушын өткерилип, онда жеке әмелиятшы нотариус М.Елмуратов, Б.Утемуратовлар Өзбекстан Республикасының «Нотариат ҳаққында»ғы нызамы бойынша «Мийрасхорлық ҳуқықы» ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барды.

Усындай илажлар республикамыздың барлық мәкеме ҳәм шөлкемлеринде, оқыў орынларында өткерилмекте.



Қарақалпақстан хабар агентлиги