Бүгинги күнде Қарақалпақстанда 1 мың 606 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди. 2022-жылы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги системаға балаларды қамтып алыў дәрежесин 2021-жылдағы 76,1 проценттен 80,5 процентке жеткерди.
Елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасында мәмлекетлик емес секторды раўажландырыў жоқары нәтийжелер бермекте. Бүгинги күнде Қарақалпақстанда мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 100 ге шамаласты. Сондай-ақ, 9 жеке ҳәм 1 мың 56 шаңараққа қараслы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми дизимге алынған.
Балалар саны менен қарайтуғын болсақ, 3-7 жас аралығындағы балалар 151 мың 791 болса, соның 122 мың 195и бақшаларда тәрбияланбақта. Ал, 6 жасар балалар саны 40 мың 311 болса, соннан 40 мыңға шамаласы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги