Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында «Қарақалпақстандағы денсаўлықты сақлаў мәкемелери ҳәм мектеплериндеги климатқа шыдамлы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасы ҳәм инсанларға суў, санитария ҳәм гигиена әмелияты ушын тийкар жаратыў» атамасындағы UNFPA менен биргеликтеги жойбары бойынша семинар өткерилди.
Бул жойбар 2023-жылы Кегейли, Шымбай, Қараөзек районларында әмелге асырылыўы белгиленген.
Семинарда улыўма билим бериў мектеплериниң директорлары, ҳәким орынбасарлары, жаслар ислери агентликлериниң баслықлары қатнасып, оларға жойбар туўралы түсиниклер берилди.
– UNFPA 1969-жылда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў фондының басқарыўында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықларды үйрениў фонды ретинде дүзилген. Ол 1971-жылы БМШ Бас ассамблеясы кепиллигине кирип, 1987-жылы фонд ҳәзирги атамасына ийе болған. Оның программалары ҳәзирги ўақытта дүньяның 150 ден аcлам мәмлекети, регионы ҳәм аймақларында жумыс ислемекте,-дейди жойбар координаторы Искендер Пирниязов.
UNFPA ның мақсети – дүньяны ҳәр қандай ҳәмиледарлықтың, туўылыўдың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын ҳәм ҳәр бир жастың потенциалы қәдирленетуғын дүньяға айландырыў. Усы жойбарды әмелге асырыў бойынша 2021-2022-жылларда волонтёрларды таярлаў мақсетинде 123 адамның қатнасыўында 5 семинар-тренинг шөлкемлестирилген. Өз гезегинде усы волонтёрлар тәрепинен 3 районда 14 мыңнан аслам адам менен сәўбетлер шөлкемлестирилген.
Жойбар тийкарында 2021-2022-жылларда тренерлерди таярлаў бойынша Нөкис қаласында 4 (100 адам), районлардағы мектеплерде 25 (718 адам), миллий орай тыңлаўшылары ушын 129 семинар (3229 адам) өткерилди.
UNFPA жойбарын әмелге асырыў нәтийжесинде мектеп муғаллимлериниң методикалық шеберлигиниң артыўы, оқыўшылардың ата-аналарында репродуктивлик саламатлық мәселесине байланыслы болған көз-қарасларының раўажланыўы, оларда «гигиена» принциплери, репродуктивлик саламатлықты қорғаў усыллары ҳаққында түсиниклер пайда болыўы, кунделикли турмыста «Саламат турмыс тәризи» принциплери енгизилиўи, солай етип, халықтың репродуктивлик саламатлығының күшейиўи күтилмекте.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги