Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған режими енгизилди. Жерге байланыслы мүлкшилик ҳәм ҳуқықый қатнасықларда турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў ҳәм жер ийелериниң мүлкшилик ҳуқықларына кепиллик бериўдиң жаңа ҳуқықый тийкары жаратылды.

Пәрманға муўапық, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализацияланыўы белгиленди. Соның менен бирге, 2021-жыл 1-августтан баслап жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жерге байланыслы қарар, буйрық ямаса басқа түрдеги ҳүжжетлерди қабыллаў ҳуқықы бийкар етилди.

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясы жаңа редакцияда қабыл етилип, усы статьяның 2-бөлими, 1-бәнтинде жер участкаларын бериў, яғный, мүлк етип бериў аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион жәрдеминде әмелге асырылыўы белгиленди.

Соның менен бирге, жоқарыдағы Нызам менен Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 27-статьясы да жаңа редакцияда қабыл етилди. Онда көрсетилгениндей, пуқаралардың жеке тәртипте турақ жай қурыўы ҳәм турақ жайды абаданластырыўы ушын 0,04 гектарға шекемги жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мүлк ҳуқықы тийкарында реализацияланады.

2021-жыл 15-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасының «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы нызамына муўапық, тийисли қағыйдалар белгиленген. Яғный,  пуқаралар тәрепинен – жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыў, соның менен бирге, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыўы ушын өзине берилген ҳәм мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында өзине тийисли болған жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында арза бериледи. Жер участкасына болған турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ямаса ижара ҳуқықы тийисли тәртипте юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге өткерилгенде, оларға усы жер участкасын меншиклестириўге болған ҳуқықы да өтеди. Арза мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы арқалы бериледи.

Жер участкаларына болған мүлк ҳуқықы ушын мәмлекетлик ордер ҳуқықты белгилейтуғын ҳүжжет болып, ол меншиклестирилетуғын жер участкасының қунын төлеў толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылғаннан кейин бир жумыс күни ишинде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен бериледи.

Меншиклестирилетуғын жер участкасына болған жеке меншик ҳуқықы, оған болған ҳуқық көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрге электрон тәризде кириўи арқалы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап есапланады.

 

 

А.Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы

ҳәкимшилик судының баслығы.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги