“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеӊеслериниӊ қарарлары тийкарында  өткен жыл даўамында  “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы “Сақаўат ҳәм жәрдем” фондыныӊ есабынан 27  мыӊ 885 социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақты қоллап-қуўатлаў, оларға материаллық ҳәм мораллик жәрдем көрсетиў мақсетинде 26 миллиард 152 миллион 862 мыӊ сум қаржы жумсалды.

Атап айтқанда, 20 мыӊ 25 жәрдемге мүтәж шаӊараққа 18 миллиард 798 миллион 272 мыӊ сумлық жәрдем көрсетилди. Соннан  9 мыӊ 311 шаӊараққа күнделикли тутыныў затлары ушын 4 миллиард 140 миллион 70 мыӊ сум, 191 шаӊараққа дәри-дармақ ушын 557 миллион 497 мыӊ сум, 8 мыӊ 761 шаӊараққа материаллық жәрдем ушын 12 миллиард 418 миллион 936 мыӊ сум ҳәм 1 мыӊ 762 шаӊараққа басқа көринистеги жәрдем ушын 1 миллиард 681 миллион 769 мыӊ сум ажыратылды.

“Темир дәптер”ге киргизилген  2 мыӊ 988 шаӊараққа 2 миллиард 767 миллион 109 мыӊ сумлық жәрдем көрсетилди.  Соннан мийнетке жарамсыз жумыссыз ағзалары бар  жәрдемге мүтәж  583 шаӊарақтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ушын  356 миллион 580 мыӊ сум, 1 мыӊ 361 шаӊараққа материаллық жәрдем ушын 1 миллиард 287 миллион 585 мыӊ сум, 32 шаӊараққа саламатлығын тиклеў ушын 150 миллион 788 мыӊ сум, 795 шаӊараққа күнделикли тутыныў затлары ушын 313 миллион 781 мыӊ сум, 217 шаӊараққа басқа көринистеги жәрдем ушын 658 миллион 373 мыӊ сум ажыратылды. “Ҳаял-қызлар дәптери”ндеги социаллық жәрдемге мүтәж жумыссыз  291 ҳаял-қыздыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ушын 1 миллиард 63 миллион 843 мыӊ сум,  1 мыӊ 399 ҳаял-қызға материаллық жәрдем ушын  1 миллиард 422 миллион 289 мыӊ сум, 354 ҳаял-қызға күнделикли тутыныў затлары ушын 192 миллион 313 мыӊ сум, 48 ҳаял-қызға саламатлығын тиклеў ушын 92 миллион 627 мыӊ сум,  2 мыӊ 700 ҳаял-қыздыӊ мәмлекетимиз болйлап саяхаты ушын  1 миллиард 697 миллион 55 мыӊ сум, 80 ҳаял-қызға басқа көринистеги жәрдем ушын 119 миллион 352 мыӊ сум ажыратылып,  жәми 4 мыӊ 872 ҳаял-қызға 4 миллиард 587 миллион 480 мыӊ сумлық жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды 2022 жыл даўамында жәми 481 шаӊараққа  130 миллион 93 мыӊ сумлық материаллық жәрдем, соннан  173 кем тәмийингленген шаӊараққа 63 миллион 542 мыӊ сум, 102 социаллық жәрдемге мүтәж шаӊараққа 28 миллион 571 мыӊ сум ҳәм  206 шаӊараққа 37 миллион 980 мыӊ сумлық жәрдем берилди.

Мәжилисте кемшиликлерге жол қойған бөлимлердиӊ хызметкерлерине машқалаларды сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди. Өз гезегинде жақсы нәтийжелерге ерискен бөлимлер холшаметленип, быйылғы жылы әмелге асырылыўы режелестирилген әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги