Нөкисте «Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматын арттырыў мақсетинде үй шараятында қояншылықты раўажландырыў ҳәм кооперация шөлкемлестириў» атамасында семинар болып өтти.

Илаж Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен районлық (қалалық) мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайларының хызметкерлери менен ҳәким жәрдемшилери ушын шөлкемлестирилди.

Илажда Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Қайратдинов ҳәм басқалар орай хызметкерлери ҳәм ҳәким жәрдемшилери усы семинарда үй шараятында қояншылық, түйешилик ҳәм калифорния қызыл қуртын жетистириў бойынша алған билим лери менен көнликпелерин халыққа жеткерип, усы арқалы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыўға жәрдемлесиў кереклигин атап өтти.

Семинарда Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер хызметкерлери, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының оқытыўшылары тәрепинен баянатлар исленип, усы бағдарларда нәтийжели жумыс ислеў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

– Президентимиздиң 2022-жыл 19-апрель күни мәҳәлле кесиминде ислеў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараў ўәкиллерине бир қатар ўазыйпалар берилген еди, -дейди басқарманың Халықты исбилерменликке тартыў ҳәм бизнес көнликпелерин қәлиплестириў бөлиминиң бас қәнигеси А.Худайназарова. – Ҳәким жәрдемшилери ушын семинар даўамында пайдалы мағлыўматлар бериўге ҳәрекет еттик. Соңғы ўақытлары пайдалы есапланған қояншылық, түйешилик, қызыл қуртты жетистириў бағдарларында жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында түсиниклер берип өттик.

Илажда  орай хызметкерлери ҳәм ҳәким жәрдемшилерин қыйнап киятырған машқалалар ҳәм жумысына кесент етип атырған тосқынлықларды сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди.







Қарақалпақстан хабар агентлиги