Шоманай районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайында район ҳәкимлиги, прокуратура, мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Ярмаркада алимент төлемлеринен қарыздарлығы бар адамлар, шет елде жумыс ислеп келген мигрантлар ҳәм басқа да жумыссыз пуқаралар қатнасты.
– Өткерилген ярмаркаға район аймағындағы мәкеме ҳәм кәрханалар, исбилерменлер өзлеринде бар 110 бос жумыс орынлары менен қатнасты,-дейди район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қалжанов.
Илажда жумыс излеп келген 55 пуқарадан 24 пуқараға турақлы жумысқа орналасыўы ушын жолламалар берилген болса, қалған 31 пуқараға мийнет қатнасықларына байланыслы мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги