Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында басқарма басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда бажыхана уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар, хызметкерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында исленип атырған жумыслар, олар ушын жаратылып атырған имканиятлар менен жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, миллеттиң заўалы, жәмийеттиң кемириўшиси есапланған коррупция иллети ҳәр қандай заманда да қараланып келинген. Ол жәмийеттиң раўажланыўына балта урып, халықтың әдалатлы ҳәм гөззал келешекке болған исенимин жоққа шығарады.
Илажда бажыхана хызметкерлериниң коррупцияға қол урмаўы, дәмегөйлик етпеўи ҳәм парахорлықтан сақланыўы зәрүр екенлиги атап өтилип, лаўазымынан усындай ғәрезли мақсетлерде пайдаланбаўы бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
– Басқарма хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын орынлаў барысында дәмегөйлик, парахорлық, хызмети ямаса лаўазым ўәкиллиги шеңберинен шетке шығыў сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз нызамбузыўшылық жағдайлары жүз бериўиниң алдын алыў бойынша олар арасында жыл басынан берли төрт мәрте мәжилис өткерилди,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Январь айының өзинде үш мәрте қупыя тексериўлер әмелге асырылған.
Профилактикалық илажлардың тез-тезден өткерилиўи усы системада хызмет етип атырған хызметкерлериң өз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарамай, ўазыйпаларын шын кеўилден атқарыўына, елимиздиң абаданлығы ушын аянбай хызмет етиўине, бир сөз бенен айтқанда, бажыхананың коррупциядан аўлақ хызметке айланыўына тийкар жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги