Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Шыңғыс Айтматов атындағы Халықаралық Ыссықкөл форумының вице-президенти Динара Жумабаева ҳәм Бишкектеги Қырғызстан-Өзбекстан дослық жәмийетиниң атқарыўшы директоры Бегижан Аҳмедов пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда бир қатар дөретиўшилерге Халықаралық Ыссықкөл форумының «Шыңғыс Айтматов» медалы, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы әдебий байланысларды раўажландырыўға белсене үлес қосып атырған жазыўшы ҳәм шайырларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
«Шыңғыс Айтматов» медалы менен Өзбекстан Қаҳарманы, белгили әдебияттаныўшы илимпаз, Өзбекстан Республикасының көркем өнер ғайраткери Ибраҳим Ғафуров, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид, «Жәҳән әдебияты» журналының бас редакторы Аҳмаджан Мелибоев ҳәм жазыўшы Нурали Қабул сыйлықланды.
Илажға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Нодир Жонузақ өзбек ҳәм қырғыз елиниң дөретиўшилери арасындағы әдебий байланыслар пүткиллей жаңаша раўажланыў басқышына киргенин атап өтти. Бул тәреплер әдебият ҳәптеликлерин турақлы өткериў, ҳәр еки халық дөретиўшилериниң ең жақсы шығармаларын аўдарыў, китап ҳалында басып шығарыў, өткир қәлем ийелериниң өз-ара дөретиўшилик қарым-қатнасы ушын кең түрде шараятлар жаратыўда анық көзге тасланбақта.
– Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дипломатиялық байланысларға отыз жыл толды,-деди қырғызстанлы жазыўшы Бегижан Аҳмедов. – Жаңа Өзбекстанда болып атырған ағартыўшылық өзгерислер пүткил дүнья халқы сыяқлы Қырғызстан да тән алынбақта. Шыңғыс Айтматов дүнья жазыўшыларын бирлестирген Ыссықкөл форумын шөлкемлестирген еди. Шыңғыс Айтматовқа ҳүрмет, оның дөретиўшилигин үйрениўге болған итибар Өзбекстанда Қырғызстаннан ҳасла кем емес. Биз қырғызстанлы дөретиўшилер өзбекстанлы илимпаз Ибраҳим Ғафуров пенен мақтанамыз. Устаздың Шыңғыс Айтматов пенен қалың дос болғаны биз ушын жүдә мақтанышлы.
– Соның менен бирге Орайлық Азия мәмлекетлериниң дослығы үлкен жетискенлик болып есапланады-деди Өзбекстан Қаҳарманы Иброҳим Ғафуров. – Бул дослық мәмлекетлеримиз басшыларының басламасы менен жоқарылады. Шыңғыс Айтматов ҳәм оның әтирапындағы жузыўшылар дөретиўшилер, халықлардың мине, усындай татыўлығын әрман ететуғын еди.
– Инсаниятты дөретиўшилик арқалы апатшылықттан ескертиў оғада әҳмийетли,-деди халықаралық Ыссықкөл форумының вице-президенти Динара Жумабаева. – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының имараты жүдә әжайып имарат. Президент Шавкат Мирзиёев ҳәр бир дөретиўшиге үлкен итибар қаратып атырғаны мақтаўға ылайық. Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың туўылған күнине бағышланған илажларда да белсене қатнастық. Шыңғыс Айтматов шығармаларын өзбек халқы елеге шекем үлкен қызығыўшылық пенен оқыйды. Шыңғыс Айтматовтың әрманлары жүзеге шықпақта. Биз дослық ҳәр қандай бәлелерден аман-есен алып шығыўының гүўасымыз.
Сондай-ақ, илажда Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Суюн Қораев, «Өзбекстан-Қырғызстан» дослық жәмийетиниң баслығы Зуҳриддин Исомиддинов, «Шарқ юлдузи» ҳәм «Звезда Востока» журналларының бас редакторы Сирожиддин Рауф, белгили жазыўшылар Рисолат Ҳайдарова ҳәм мархум, қарақалпақ жазыўшысы Узақбай Пиржановқа Қырғызстан-Өзбекстан дослық жәмийетиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Дөретиўшилик сөйлесиў даўамында айтылғанындай, өзбек-қырғыз байланыслары кең жолға қойылған. Онда еки мәмлекет жазыўшылары, дөретиўшилери арасында бирге ислесиў күн сайын раўажланып баратырғаны дыққатқа ылайық. 2021-жылы Қырғыз Республикасы Миллий жазыўшылар аўқамының баслығы Нурлан Қалибеков, Қырғызстан халық шайыры Марқабай Аматов, 2022-жылы қырғызстанлы өзбек жазыўшысы Багижан Аҳмедов, өзбек шайыры Авлиёхан Эшон Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ҳүрметли ағзалығына қабыл етилди.
Бирге ислесиў байланысларын және де кеңейтиў мақсетинде 2022-жыл октябрь айында Ташкент ўәлаятының Паркент районында Орайлық Азия жас дөретиўшилериниң семинар-форумы өткерилди. Онда туўысқан елдиң жас жазыўшылары белсене қатнасты.
Ҳәзирги ўақытта «Түркий әдебият дүрданалары» 100 томлық шығармалар комплекси басып шығарылды. Комплекстиң 9 томы қырғыз әдебиятына бағышланған.
Дөретиўшилик сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жазыўшы-шайырлары арасындағы бирге ислесиўди күн сайын күшейтиўдиң жаңа перспективалары белгиленди.
Назокат Усмонова,
Носиржан Ҳайдаров (сүўретлер)
ӨзАның хабаршысы