Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл  25-июльдеги «Мәҳәллелерде  санаат, өнерментшилик, жумысты бөлип алып ислеў ҳәм шарўашылық микро орайларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, республикамызда 2022-2024-жыллар даўамында 52 мәҳәлледе микро орайлар шөлкемлестириў  белгиленген.

Нөкис районында да усындай микро орай шөлкемлестирилип, 17-февраль күни оның ашылыў салтанаты болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Н.Ерлепесов, район ҳәкими О.Уснатдинов, Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли, Хожели, Тақыятас  районлары ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, Мәҳәлле кесиминде ислесиў орайының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банклердиң басқарыўшылары, қурылыс бөлими баслықлары ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Онда  сөзге шыққанлар аймақларда өнерментшилик, тигиўшилик, кондитерлик ҳәм шарўашылық бойынша жойбарларды мәҳәллелердиң өзинде әмелге асырыў зәрүрлигин, буның ушын елимизде исбилерменлер ушын барлық қолайлы шарятлар жаратылғанын атап өтти.

Соны да айтып өтиў керек, микро орайда  тигиўшилик, гилем тоқыў цехы, кондитерлик, өнерментшилик ҳәм гөззалық салоны қәнигелиги бойынша оқытыў шөлкемлестирилген болып,  ҳәзирги күнлери бул жерде аймақтың 20 ҳаял-қызы, соның ишинде «ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 10 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген.



Илажда имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары микро орайдың жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм онда ислеўшилер менен пикирлести.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы