И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде шебер қурақшы Алтын Төренова жас өнерментлер ушын «Қурақларым гүл киби жайнар» атамасында шеберлик сабағын өтти.
Музей фойесинде А.Төренованың қол мийнети үлгилеринен шымылдық қас, көрпеше, дастық көз, көпшик қап, сумка ҳәм басқа да қурақ буйымлары, гилем қурақ, қырық тырнақ, ҳәрдем қыял, гүл жайды, сегиз ақ, жарғы тис қурақлары көргизбеге қойылды. Оның шәкиртлери Д.Гүлимбетова ҳәм А.Узақбаева да қурақ сырларын әдеўир дәрежеде үйренип, усындай бийбаҳа қол өнерин қайта тиклеў, қәстерлеп сақлаў ҳәм әўладларға жеткериў мақсетинде изленбекте.
Илаж даўамында оның қызы ҳәм дәслепки шәкирти Ф.Базарбаева усы жердиң өзинде «Қошқар мүйиз» қурағын қурап көрсетти. Ол да жас болыўына қарамастан анасы сыяқлы қурақшылық бойынша көп жетискенликлерге еристи. Бүгинги күнде Бәнтликти тәмийинлеў орайы ҳәм «Өнермент» бирлеспеси менен бирге ислескен ҳалда өзи жасайтуғын аймақтағы бос отырған жумыссыз ҳаял-қызларға усы өнердиң сырларын үйретип келмекте. Ол «Қурақ қураўдың сырлары» атамасындағы китаптың авторы.
– Музейимизде қарақалпақ қол өнериниң «қаймақ»лары сақланады, -дейди музейдиң этнография бөлими баслығы Айгүл Пирназарова. -Атап айтқанда, кестешилик, тоқымашылық, зергерлик, қурақшылық үлгилерин көриўге болады. Бүгинги күнде оларды заманагөйлестирип, қайта тиклеў үстинде излениў жумыслары алып барылмақта. Қурақ қураў халқымызда үлкен әҳмийетке ийе өнер болып, соның ушын ескиден бизлерге жетип келген қурақ өнерин бурынғы ҳақыйқый жағдайында сақлап қалыў ушын қурақшыларды қоллап-қуўатлап киятырмыз. Бүгин шеберлик сабағына белгили қурақшы А.Төренова менен оның қызы Ф.Базарбаеваны мирәт еттик. Олар қызығыўшы қызларға қурақ қураў ушын таўар қыйып, реңлерди үйлестирип тигип көрсетти. Музейимизде усындай шеберлик сабақларын, көргизбелерди өткерип турсақ, халқымыздың ата-бабаларымыздан киятырған өнерлери жоқ болып кетпейди, деп үмит етемиз.
– Мен балалығымнан кестешилик, тоқымашылық ҳәм диадема соғыў менен шуғылланаман, -дейди Бердақ атындағы ҚМУ санаат технологиясы (жеңил санаат буйымлары конструкциясы ҳәм технологиялары) факультети студенти Азада Файзуллаева. – Бүгин қурақ қураў шеберлик сабағына қатнасып, усы өнерге қызығыўшылығым артты. Өзимниң анам қурақ қурайды ҳәм мен олардан көрпеше тигип көргенмен. Енди қурақ қураўды да үйренбекшимен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги