Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында рус композиторы, дирижёр П.Чайковскийдиң еки акттен ибарат «Щелкунчик» балети сахналастырылды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен мәденият  ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Мине, усы имканиятлардан пайдаланған театр жәмәәти халқымыздың кеўлинен шығатуғын жаңа шығармаларды сахналастырып, тамашагөйлердиң нәзерине усынбақта. Рус ҳәм пүткил дүнья халықлары ушын классик шығарма есапланған «Щелкунчик» балетиниң театрымыз сахнасында қойлыўы тамашагөйлер ушын әжайып саўға болды.

Шығармадағы ўақыя Штальбаумлар шаңарағының үйиндеги көринис пенен басланады. Үй ийеси, ҳаялы, олардың қызы Мария ҳәм улы Франц Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен үйине келген мийманларды күтип алады. Балалар ҳәм ата-аналар кеўилли ойынға түсип, сыйқыршы Дроссельмеердиң әжайып қуўыршақларын тамашалайды. Мийманлар тарқасып, ханада тек жаңа жыл аршасы ҳәм Мария қалады.

Буннан кейин Мария, Щелкунчик ҳәм оның зайыбы Клараның тышқанлар патшасы менен гүресиўи сыяқлы көринислерди жыйналғанлар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.

Балеттиң музыкалық жақтан басшысы ҳәм дирижёры Қарақалпақстан халық артисти А.Абдуллаева, либеротто авторы ҳәм сахналастырыўшы балетмейстер Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти З.Нурымбетов, сахналастырыўшы художник З.Сайпов, хореограф Өзбекстан халық артисти И.Юсупов ҳәм басқалардың мийнетин айрықша атап өтиў керек.








Тийкарғы роллерди  Р.Исянов, Б.Дәўлетов (Щелкунчик), Э.Юсупова, М.Абатова (Клара), Д.Рахатова, Д.Атаўбаева (Мария), И.Махсетбаев, Б.Сәрсенбаев (Франц), А.Қурбанов, Н.Шарипов (Дроссельмейер), С.Жубаев, И.Сатимов (Тышқанлар патшасы) ҳәм басқада артистлер шеберлик пенен атқарып шықты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги