Жаслар ислери агентлиги Волонтёрлар ассотцатциясы ҳәм Эколог жәмийетлик бирлеспелери менен бирге волонтёрлық искерлигин қоллап-қуўатлаў, эко-волонтёрлар системасын жолға қойыў мақсетинде Ташкент қаласында “Теңлес-теңлеске” принсипи тийкарында оқыў-семинарын өткермекте.
Оған елимиздиң барлық аймақларынан, соның ишинде қарақалпақстанлы волонтёр жаслар да белсене қатнаспақта. Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы волонтёр жаслары миллийлигимизди сәўлелендирген кийимлер ҳәм азық-аўқат өнимлери менен өз қатар-қурбыларын таныстырыў менен бирге, оқыў-семинары даўамында да өз белсендилигин көрсетпекте.
-Оқыў-семинарда билимлеримизди және де жетистирдик. Семинар жуўмақланғаннан соң өз аймағымызда эко-волонтёрлар жумысын жолға қоймақшымыз. Бул волонтёрлар клубы қоршаған орталықты сақлаў, экологиялық жағдайымызды жақсылаў мақсетинде шөлкемлестириледи. Биз волонтёрлар менен бирге жаңа жойбарларды әмелге асырыўға ҳәм қатарымыздағы жаслардың санын көбейтиўге ҳәрекет етемиз,- дейди семинар қатнасыўшысы Шахноза Базарбаева.
Волонтёрлар ушын оқыў семинары усы жылдың 17-февраль сәнесине шекем даўам етиўи белгиленген.
Гулчеҳра Айтмуратова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги